Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

14

НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИН СИСТЕМАЛАСТЫРЫЎДЫҢ НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ӘҲМИЙЕТИ ҲӘМ ОРНЫ


Бүгинги күнде жәмийетти демократластырыў ҳәм жаңалаў, мәмлекетти реформалаў ҳәмде модернизациялаў процессинде мәмлекетлик уйымлар, сол есаптан жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норма дөретиўшилиги тараўындағы искерлигин жәнеде жетилистириў мәселелерине республика басшылары тәрепинен айырықша итибир қаратып келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрелдаги ПҚ-3666-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Реже әне усындай ҳүжжетлерден бири болды ҳәм ол өз орнында, әдиллик уйымлары искерлигин жетилистириўге қаратылған бир қанша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўине тийкар болып хызмет етти. Усы Режениң қабыл етилиўи Әдиллик министрлигиниң нызам ҳүжжетлерин системаластырыў ҳәм ҳуқықый мәлимлеме тараўындағы искерлигин жетилистириўде де өзиниң унамлы тәсирин көрсетти.
Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң “Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы буйрығы (2012-жыл 14-февраль, дизим саны 2326) ҳәм “Өзбекстан Республикасы нызамшылық тармақларының улыўмаҳуқықый классификаторын тастыйықлаў ҳаққында”ғы буйрығы (2012-жыл 2-март, дизим саны 2333) қабыл етилиўи пикиримиздиң дәлийлидир. Жоқарыда санап өтилген ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәмлекетлик уйымлары, нызамшылықты системаластырыў ҳәмде жәмийетлик шөлкемлердиң ҳуқықый үгит-нәсият бойынша ислерин нәтийжели муўапықластырыў тараўындағы ўазыйпаларын әмелге асырыў барысында изшил алып барылып атырған реформаларадың нәтийжеси десек қәте болмайды.
Сол орында, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў қағыйдалары ҳаққында сөз жүритсек.
Усы қағыйдалар алдын “Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў қағыйдалары” (2007-жыл 14-июнь, дизим саны 1689) орнына ислеп шығылған болып, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында нызам ҳүжжетлерин системаластырыў искерлигин әпиўайыластырыўға хызмет етеди.
Сол есаптан, алдын, нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў, оларға Өзбекстан Республикасы нызамшылық тармақларының классификаторы тийкарында код бериў ҳәмде қадағалаў нусқасын жүритиў нәзерде тутылған болса, ҳәзирде болса нызам ҳүжжетлери рәсмий баспаларды есапқа алып, оларда жәрияланған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қадағалаў нусқаларын жүритиў жолға қойылған.
Өзбекстан Республикасы нызамшылық тармақларының Улыўмаҳуқықый классификаторы тийкарында барлық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге кодлар бериў ҳәмде нызам ҳүжжетлерин есапқа алыў ҳәм системаластырыў картотекасын жүритиў тек ғана Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен орайластырылған тәртипте әмелге асырылатуғын болды.
Қағыйдалардың тийкарғы ўазыйпасы мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәмде олардың қурамлық ҳәм аймақлық дүзилмелеринде, сондай-ақ жергиликли мәмлектлик ҳәкимияты уйымларында нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў тәртибин белгилеўден ибарат.
Тәбийий ҳалда, “Нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў өзи не ушын керек?” – деген сораў бәршемизди қызықтырады. Нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў дегенде, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орайластырылған тәртипте жыйнаў
ҳәм есабын алып барыў, тараўлар бойынша системаластырыў ҳәмде оларды қадағалаў ҳалатында сақлаў түсиниледи.
Нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм лаўазымлы шахсларға әмелдеги нызамшылықты ҳәм ҳуқық нормаларын жетилистириў ҳәмде тәртипке салыў жумысларында нәтийжели искерликти әмелге асырыў ушын жәрдем береди.
Қағыйдаларға көре, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм тиккелей тийисли тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўшы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң системаластырылған есабы жүритиледи.
Улыўма алғанда нызам ҳяжжетлерин системаластырыўдың тийкарғы мақсетлерине төмендегилерди киритиўимиз мүмкин.
Бириншиден, нызам ҳүжжетлерин системаластырыў – керекли болған нызам ҳәм нызам асты ҳүжетин тез ҳәм жеңил таўып алыў ҳәмде усы ҳүжжет пенен қамтып алынған шахслар шеңберин анықлаўға жәрдем береди.
Екиншиден, ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди орайластырылған тәртипте жыйнаў ҳәм есабын алып барыў ҳәмде олардағы бар болған коллизион нормаларды, “ақ дақлар”ды, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасында коррупцияның келип шығыўына ҳәмде басқа ҳуқықбузарлықлар ислениўине шәраят жарататуғын қағыйдалар ҳәм нормаларды анықлаўда қол келеди.
Үшиншиден, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде жол қойылған қәте ҳәм кемшиликлерди анықлап, киритилиўи лазым болған өзгерис
ҳәм қосымшалардың санын қысқарттырыўға ҳәмде соның менен бирге нызамшылық системасын жетилистириў ушын хызмет етеди.
Буннан тысқары, нызам ҳүжжетлерин системаластырыў норма дөретиўшилиги искерлигинде әҳмийетли орынға ийе болып, әмелдеги нызамшылықты жетилистириў мақсетинде әмелге асырылады, нызам ҳүжжетлерин системаластырыў нызамлылықты беккемлеў ҳәм нызамлардың турақлылығын тәмийинлеп бериўде жәрдем береди.
Жуўмақ орнында соны айтыў мүмкин, нызам ҳүжжетлериниң системаластырылған есабын жүритиў – барлық раўжланған ҳуқық системалары ушын тән болып, Өзбекстан шәраятында, қалаберсе мәмлекетимизде демократиялық реформаларды жәнеде тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўжландырыў шәраятында жаңа норматив-ҳуқықый ҳүжетлерди ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде оғада әҳмийетли.


Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ