Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

ЖЕРГИЛИКЛИ МӘМЛЕКЕТЛИК ҲӘКИМИЯТЫ УЙЫМЛАРЫНЫҢ НОРМАТИВ-ҲУҚЫҚЫЙ ТҮСКЕ ИЙЕ БОЛҒАН ШЕШИМ ЖОЙБАРЛАРЫН ТАЯРЛАЎДЫҢ АЙЫРЫМ МӘСЕЛЕЛЕРИ


Ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыўда нызам ҳүжжетлери нормаларын заманагөй турмыс ҳәм жәҳән стандартларына сәйкеслестириў ҳәмде раўжланған мәмлекетлердиң бул тараўдағы алдыңғы унамлы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норма дөретиўшилиги саласындағы искерлигин жәнеде жанландырыўға айырықша итибар қаратылмақта.
Ҳәзирги күнде норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў ҳәм қабыл етиў саласында зәрүр болған норматив-ҳуқықый база қәлиплестирилген болып, әсиресе, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норма дөретиўшилиги искерлигине қойылған талаплар жәнеде күшейттирилди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норма дөретиўшилиги саласындағы әҳмийетли жаңалықлардан бири бул – жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў, юридик-техник рәсмийлестириў ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткериў тәртибин жәнеде жетилистириў мақсетинде, Әдиллик министрлиги тәрепинен Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў, юридик-техник рәсмийлестириў ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткериў тәртиби ҳаққындағы Қолланба ислеп шығылды ҳәм 2013-жыл 1-февралда 2420-сан менен дизимнен өткерилгенлиги болды.
Алдыңғы жылларда, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норма дөретиўшилиги тараўын үзил-кесил тәртипке салыўшы бирден-бир норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жоқ еди. Бул болса өз нәўбетинде норма дөретиўшилиги искерлигин тәртике салыўда бир қанша қыйыншылықлар келтирип шығарар еди. Қолланба қабыл етилген соң, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен жойбарларды таярлаўды шөлкемлестириў, жойбардың текстине ҳәм дүзилисине қойылатуғын талаплар, жойбарды рәсмийлестириў, шешимлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ оларды өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққындағы жойбарларды таярлаўдың қәсийетлери, жойбарды мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер менен келисиў мәселелерине анықлық киритилди.
Усы Қолланбаға тийкар, жойбарды таярлаўда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларына бир неше талаплар белгиленген. Яғный, нызам ҳүжжетлериниң ҳалатын, жойбарды тәртипке салыў предмети бойынша қолланылыў әмелиятын үйрениў, жәмийетлик қатнасықлардың белгили тараўын ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға кери тәсир көрсететуғын нуқсанлар ҳәм қарама-қарсылықларды, сондай-ақ ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға болған жәмийетлик талапты, нызам ҳүжжетлериниң нәтийжелилигине тәсир етиўши себеплер ҳәмде шәраятларды анықлаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиң, сондай-ақ айырым пуқаралардың усынысларын, ғалаба хабар қуралларының материалларын, илимий ҳәм басқа шөлкемлердиң, алымлар ҳәм қәнийгелердиң мәсләҳәтлери ҳәм усынысларын, жәмийетшилик пикирин анықлаўдың басқа қураллары мағлыўматларын улыўмаластырыў ҳәмде олардан лазым дәрежеде пайдаланыў, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормаларын есапқа алыў, сондай-ақ ҳуқықый жақтан тәртипке салыў барысында басқа мәмлекетлер тәжирийбесин үйрениўден ибарат.
Жойбарды мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер менен келисиў мәселелери де өзине тән тәртипке салынды.
Соны айтып өтиў лазым, алдыңғы жылларда, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен ислеп шығылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары мәпдар уйымлар ҳәм шөлкемлер менен келисилместен қабыл етилетуғын еди.
Ҳәзирги күнге келип болса булардың барлығына тыйым салынды ҳәм жоқарыда айтып өтилген қолланба менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен таярланатуғын жобарларды келисиў тәртиби белгилеп қойылды.
“Норматив¬-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 22-статьясына тийкар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары шешимлери жойбарларының ҳуқықый экспертизасы Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы әдиллик басқармалары тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген.
Бүгинги күнде норма дөретиўшилиги тараўында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен де бир қатар нәтийжели ислер әмелге асырылып келинбекте. Яғный, министрликке жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен 2017-жыл даўамында 86 норматив түстеги шешим жойбарлары усынылған болса, бул көрсеткиш 2018-жылы 114 қураўы усы тараўда жетерли дәрежеде жумыслар жолға қойылғанлығынан дерек береди.
Соны айырықша атап өтиў орынлы, норма дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты дурыс қоллаў әмелиятының еледе нәтийжелилигин асырыў ушын айырым норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў мақсетке муўапық есапланады.  
Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2013-жыл 1-февралдағы 29-мҳ-санлы буйрығы (әдиллик министрлигинен 01.02.2013-жылы 2420-сан менен дизимнен өткен) менен тастыйықланған “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў, юридик-техник рәсмийлестириў ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Қолланбаның
84-бәнтин төмендеги редакциядағы үшинши хатбасы менен толықтырыў:
“Усынылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары тийисли әдиллик уйымларынан ҳуқықый экспертизадан өткерилгеннен соң, жойбардың ҳәр бир бетине “Ҳуқықый экспертизадан өтти” штамп қойылып, сәнеси көрсетилип жуўапкер лаўазымлы шахс тәрепинен имзаланыўы шәрт”.
Буннан тысқары, усы Қолланбада норматив-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын қабыл етиў зәрүрлиги тийкарландырылмаған жойбарларды қайтарыў бойынша жаңа норма белгилеў орынлы болып табылады.
Яғный, жойбарды усыныўшы мәпдар уйым тәрепинен усынылып атырған жойбарға қосымша рәўиште статистикалық анализлерин қосымша етилиўин тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.
Мәселен, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде орнатылатуғын жол белгилериниң орнатыўдың зәрүрлиги ҳәм әҳмийетиниң (қанша адам өлимине алып келгенлмгм яки инсан денсаўлығына тән жарақаты жеткерилгенлиги, сондай-ақ, қанша материаллық зыянлар көрилгенлиги ҳәм басқада тастыйықлаўшы ҳүжжетлери) тийкарланлдырылыўы, статистикалық мағлыўматлар менен тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин таллаўдан өткериўи оғада әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.
Себеби, жоқарыда көрсетип өтилген номалардың киритилиўи әмелиятта тийкарсыз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўиниң алды алыныўына, кең жәмийетшиликте тийкарсыз наразышылықлардың пайда болмаўына, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердеги норма ҳәм қағыйдалардың бир қыйлы ҳәм анық қолланылыўына, норма дөретиўшилиги саласындағы ислердиң сапасының еледе асыўына хызмет етеди.
Жуўмақ орнында соны айырықша айтып өтиў орынлы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин ислеп шығыў тараўындағы жуўаплы хызметкерлер нызам ҳүжжетлеринде норма дөретиўшилиги барысында орнатылған қағыйдалар ҳәм талапларға әмел етсе, бул барыстағы жумыслар нәтийжелилиги жәнеде артады.
Бул болса мәмлекетимиздеги жәмийетлик-экономикалық ҳәм сиясий реформаларды әмелге асырыў ушын жол ашып беретуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәмде нызам дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қоллаў тараўында мәмлекетлик сиясатты жүритиўге мүнәсип үлес қосады.


Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ