Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ СИСТЕМАСЫНДА БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ ҚОРҒАЛЫЎЫНЫҢ КЕПИЛЛИКЛЕРИ


Ҳәр қандай алдағы раўажланған демократиялық мәмлекетлерге тән болған белгилердиң бири – бул инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәм олардың нызамлы мәплериниң қорғалыўы болып есапланады. Усы өлшем пуқаралық жәмийети ҳәм ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы өлшеми есапланады.
Бирақта, тәжирийбе соны көрсетеди, көпшилик жағдайда инсан ҳуқықлары дегенде үлкен жастағы халық нәзерде тутылады да, балалар болса итибардан сыртта қалады.
Өзбекстан Республикасында бәрше пуқаралар ҳуқықый қатнасықлардың субьектлери есапланады. Бизге белгили, ҳуқықый қатнасықлар субьекти дегенде, нызам менен белгиленген ҳуқық
ҳәм миннетлерге ийе болған шахслар түсиниледи.
Мәмлекет халықтың басқа қатламларын қорғаў менен биргеликте ержетпеген шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин қорғаўды да нәзерде тутады.
Бул бағдарда халықаралық ҳуқықта да, соның менен қатар бизиң миллий нызамшылық базамызда да бир қанша ҳуқықый нормалар өз негизин тапқан, ал айырым халықаралық ҳуқық нормалары болса миллий ҳуқық системамызға имплементация етилди.
“Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Конвенциясының 1-статьясы, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 22, 27, 29-статьялары, Шаңарақ Кодексиниң 71-статьясы мазмун әҳмийетинен келип шығып соны айтыў мүмкин, 18 жасқа толмаған шахс бала есапланады (эмансипация ҳалаты буннан тысқары).
Бала ҳуқықларына тийисли дәслепки ҳуқықый тийкарға 1924-жылғы “Бала ҳуқықлары Женева Декларациясы” ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1959-жыл 24-ноябрде қабыл етилген
“Бала ҳуқықлары Декларациясы”да, 1966-жылы қабыл етилген “Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққында”ғы, “Социаллық, экономикалық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққында”ғы Халықаралық Пактлердиң қатар нормаларында, сондай-ақ, жоқарыда қабыл етилген ҳүжжетлер тийкарында 1989-жылы
20-ноябрде “Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы конвенцияда беккемленген.
Усы конвенцияда төмендеги норма өз ҳуқықый тийкарын тапқан. Яғный “Бала ақылый ҳәм физикалық жақтан жетик болмағанлығы себепли арнаўлы қорғалыўы ҳәм ғамхорлыққа, сол есаптан, туўылыўдан алдын
ҳәм кейинде жетерли дәрежедеги ҳуқықый қорғаўға мүтәжлигин” есапқа алыў ҳәм оны әмелге асырыў болып есапланады.
“Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққында”ғы Халықаралық Пакттиң 24-статьясына муўапық, ҳәр бир бала расасы, денесиниң реңи, жынысы, тили, дини, миллий яки социаллық келип шығыўы, мүлкий жағдайы
яки туўылыўы (нәсили)на қарамастан, ҳеш бир кемситиўсиз, гөдеклиги себепли шаңарақ, жәмийет ҳәм мәмлекет тәрепинен қорғаў шаралары көрилиў ҳуқықына ийе.
Сондай-ақ, ҳәр бир бала туўылғанынан соң дәрҳал дизимнен өткерилиўи ҳәм атына ийе болыўы керек ҳәмде пуқаралық алыў ҳуқықына ийе екенлиги көрсетип өтилген.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен ратификация етилген “Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы Конвенцияға муўапық, ҳәр бир бала туўылыўы менен өз атына ийе болыўы, пуқаралықты алыўы, ата-анасын билиўи ҳәмде олар тәрепинен ғамхорлыққа алыныўы ҳуқықларына ийе.
Соның менен бир қатарда, ҳәр бир бала еркин ҳәм қол қатылмас болып, шаңарақтағы жақсы шәраят жаратылған тәғдирде ата-анасы менен жасаўға ҳақылы. Бала өз дүньяқарасын кеңейттириў ушын мағлыўматлар топлаўы, басқа адамлар менен байланыста болыўы, бирлеспелерге ағза болыўы мүмкин. Буннан тысқары, ҳәр бир ержетпеген шахс өз жеке, шаңарақ өмирине, жазысыўлар, телефонда сөйлесиўлерге араласыўларынан қорғаныў ҳуқықына ийе.
Имканияты шекленген ҳәм жетим балаларға жәмийетте өз орынларын таўып кетиўлери, руўхый езилмеўи ушын айрықша ғамхорлық көрсетилиўи, қәнийгели медициналық жәрдем көрсетилиўи лазым. Бала физикалық, руўхый, ақылый, социаллық кәмалаты ушын жетерли өмир дәрежесине
ийе болыўы, билим алыў ҳуқықына ийе. Бул талапларды орынлаў алдын-ала
ата-аналарға жүклетилген жоқары жуўапкершилик есапланады.
Ҳәр бир баланың жасаўы, кәмал табыўы ушын тийкарғы мәкан шаңарақ есапланады. Соның ушын да, Өзбекстан Республикасының Шаңарақ Кодексиниң 2-статьясына муўапық, ата-ана өз мойнына баланың пәраўан өмир кешириўи ҳәм кәмалға жетиўи ҳаққында ғамхорлық етиўи, оның ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ўазыйпасы жүклетилген. Шаңарақтың ишки өмирине, балалардың тәрбиясына басқалардың өзбасымшылық пенен балалар тәрбиясына кери тәсир өткериўине нызам жол қоймайды.
Егер баланың ҳуқықы кемситилсе, бундай шаңараққа қарата нызам жолы менен тәсир көрсетиўге, ата-ананың ҳуқықларын шеклеўге, ҳәттеки ата-анаға қарата нызамда нәзерде тутылған тәртипте ата-аналық ҳуқықынан айырыў шарасын қоллаўға да туўры келеди.
Балалар өз ата-аналары менен бир шаңарақта жасаўлары
ҳәм тәрбияланыўлары ушын, алдын-ала, өзиниң ата-анасын билиўи, таныўы керек. Балалардың өз ата-аналарын билиўы ҳаққындағы тийкар
“Бала ҳуқықлары ҳаққында”ғы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Конвенциясының 7-статьясында нәзерде тутылған.
Баланың ата-анасы дегенде, нызамлы некеде турған ер яки ҳаял
ямаса нызам менен белгиленген тәртипте аталығы ҳәмде аналығы анықланып, пуқаралық ҳалаты актлеринде ата ҳәм ана сыпатында дизимнен өткен шахслар түсиниледи. Айырым жағдайларда (мәселен, бала табылған яки перзентликке алынған болып, бул нәрсе сыр сақланса) бала
ушын өз ата-анасын билиў ҳуқықынан пайдаланыў имканияты болмаслығы
да мүмкин.
Ҳәр бир бала шаңарақта ата-анасы ғамхорлығынан пайдаланыў ҳуқықына ийе дегенде баланың азық-аўқат, даўаланыў, кийим-кийиншек, оқыў қолланбалары, оның жасаўы ҳәм билим алыўы ушын зәрүр болған басқа нәрселер менен тәмийнлениўи нәзерде тутылады.  
Ата-ананың ата-аналық ҳуқықынан айырылыўы ҳәм басқа себеплерге көре, ата-ана тәрбиясынан айрылған ержетпеген балалардың шаңарақта тәрбияланыў ҳуқықын тәмийнлеў қәўендерлик ҳәм ғамхорлық уйымлары мойнына жүклетиледи. Бул норма Өзбекстан Республикасы Конституциясының 64-статьясы екинши бөлиминде төмендегише өз негизин тапқан. Яғный, “Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-аналарының ғамхорлығынан айрылған балаларды бағыў, тәрбиялаў,
ҳәм оқытыўды тәмийнлейди” дейилген.
Усы Конституциялық норма тийкарында Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексинде 173-193-статьяларында Қәўендерлик ҳәм ғамхорлық ҳаққында норма киритилген. Бул бапта қәўендерлик ҳәм ғамхорлықты белгилеўши уйымлар, қәўендерлик ҳәм ғамхорлықтың тайынланыў тәртиби, олардың ҳуқық ҳәм миннетлери, қәўендерлик ҳәм ғамхорлықтың сапластырылыў негизлери ҳәм басқа да нормалар өз тийкарын тапқан. Ҳәттеки, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 122-статьясында ержетпеген яки мийнетке қәбилийетсиз шахсларды материяллық тәмийнлеўден бас тартқанлақ ушын жуўапкершилик тийкарлары белгиленген.
Жуўмақ орнында соны айтып өтиў лазым, бул алып барылып атырған ислер, әлбетте, мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларының бири есапланады. Балалар халық арасында қорғаныў ҳәм ғамхорлыққа ең мүтәж қатлам есапланады. Инсанпәрўар ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда ержетпеген шахслардың ҳуқық ҳәм еркинлилерин ҳәмде нызамлы мәплерин қорғаў мәселесине итибир бермеў мүмкин емес. Себеби, ҳәр қандай мәмлекеттиң ертеңги күни, келешеги олардың перзентлери есапланады.



Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими
бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ