Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Коррупцияға қарсы гүресиўдиң жаңа механизми енгизилди


#ӘДИЛЛИК_ХАБАРЫ
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әдиллик органлары ҳәм мәкемелеринде кадрлар менен ислеў бойынша 2019-жылға мөлшерленген дәстүрдиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы хабарлар өз ўақтында жеткерилиўин ҳәм дәрҳал усы жағдайларды анықлаў, олардың ақыбетлерин, оларға имкән бериўши себеп ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыўды тәмийинлеўге қосымша имкәният жаратыў мақсетинде телеграм социаллық тармағында "@antikorbot" атамасындағы арнаўлы бот жаратылғанлығын мағлыўмат ретинде билдиремиз.
Усы бот арқалы Әдиллик министрлиги ҳәм оның системасындағы билимлендириў мәкемелеринде нызамсыз ислер, соның ишинде коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққында хабар бериўиңиз мүмкин.
Хабарлар белгиленген тәртипте көрип шығылады. Бунда мүрәжат етиўшиниң шахсы сыр сақланыўы кепилленеди.
Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында биле тура жалған мағлыўмат бериў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы ҳаққында ескертемиз.

Кадрлар бөлими бас мәсләҳәтшиси                                 Х.Атаджанов