Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы жаңалықлар
“Свет” баҳасы кеминде 3 жыл өзгермейди
Ҳүкимет қарары (310-сан, 13.04.2019-жыл) менен 2030-жылға шекем болған дәўирде Өзбекстан Республикасы электр энергия тармағындағы тариф сиясатының тийкарғы бағдарлары тастыйықланды.
Ҳүжжет пенен, тариф сиясатының тийкарғы бағдарлары белгиленди. Тутыныўшылардың электр энергиясынан тийкарланған ҳәм бәсекили тарифлер бойынша пайдаланыўын тәмийинлеў усылар қатарынан.
Тарифлерди белгилеўде халықтың кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәж қатламлары социаллық қорғалады.
2030-жылға шекем тарифлерди қәлиплестириў методикасына басқышпа-басқыш өтиледи.
2023-жылдан баслап электр энергиясы ушын тарифлер кеминде 3 жыл мүддетке әмел етеди.
Өз ара мақул тарифлерди белгилеў арқалы тутыныўшылар ҳәм электр энергетика тармағы шөлкемлериниң мәплери тең салмақлыққа келтириледи.
Ҳүжжет пенен тарифлерди қәлиплестириўдиң принциплери белгиленди.
Соның ишинде, тарифлерди қәлиплестириўде кемситилмейтуғын  жантасыў енгизиледи, тарифлерди белгилеў тийкарланбаған сиясий тәсирге дуўшар етилмейди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм  ағартыўшылық бөлими