Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

18

НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИН ХАЛЫҚҚА ҲӘМ ОРЫНЛАЎШЫЛАРҒА ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎДЫҢ ЗАМАНАГӨЙ МЕХАНИЗМЛЕРИ


НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИН ХАЛЫҚҚА ҲӘМ ОРЫНЛАЎШЫЛАРҒА
ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎДЫҢ ЗАМАНАГӨЙ МЕХАНИЗМЛЕРИ

Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистирип барыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамлылықты беккемлеў
ең әҳмийетли мәселелерден бири есапланады.
Соңғы жылларда миллий ҳуқық системасын түп тийкарынан реформалаў, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириў ҳәмде маман юридикалық кадрларды таярлаў барысында сезилерли жумыслар әмелге асырылды.
Бүгинги күнге шекем бул салада бир қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Усыған қарамастан жәмийетте пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығы дәрежесин асырыўға тосқынлық етиўши бир қатар машқала
ҳәм кемшиликлер бар екенлигин көрсетти.
Усы мүнәсибет пенен, ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәденият саласындағы ислердиң сапасын еледе асырыў ҳәмде нәтйжелилигин тәмийинлеў мақсетинде, 2019-жыл 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў системасын түп тийкарынан жетилистириў ҳаққында”ғы
ПФ-5618-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманды қабыл етиўден мақсет халықтың ҳуқықый санасы
ҳәм ҳуқықый мәдениятын жетилистириўге тийисли болған ислердиң нәтийжелилигин жәнеде асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен биргеликте ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў, сондай-ақ, халықты, әсиресе жасларды зыянлы мәлимлемелерден қорғаў бойынша беккем ҳуқықый иммунитетти қәлиплестириў болып табылады.
Пәрман менен пуқаралар санасында “Жәмийетте нызамларға ҳүрмет руўҳын қарар таптырыў – демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың гиреўидир!” деген өмирлик идеяны беккемлеў ҳуқықый сана ҳәм мәдениятты жетилистириўдиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.
“Жоқары ҳуқықый мәденият – мәмлекет раўажланыўының кепиллиги” деген концептуал идея тийкарында ҳуқықый үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў мәмлекет уйымлары ҳәм шөлкемлериниң баслы ўазыйпасы сыпатында көрсетип өтилди.
Пәрманға муўапық, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў “шахс – шаңарақ – мәҳәлле – билимлендириў мәкемеси – шөлкем – жәмийет” принципи бойынша системалы шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылды.
Соның менен бир қатарда, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириў концепциясы тастыйықланды.
Концепция талапларына көре, шанарақта ҳуқықый тәрбияны қәлиплестириў ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириў бойынша балалар ушын арнаўлы ҳуқықый портал жаратылыўы, шанарақта ҳуқықый саўатлылықты асыратуғын, ҳәр бир элементар ҳуқықый билимлерди үйретиўге қаратылған ҳәм күнделикли өмирдеги әҳмийетли мәселелер бойынша ҳуқықый қолланба бийпул тарқатылыўы, балалар ушын ҳуқықый темаларда
ҳәм әдеп-икрамлылық нормалары бойынша әпиўайы ҳәм күнделикли қағыйдаларын билиўин, ўатанпарўарлық (патриотизм), нызамларды хүрмет етиўди үгит-нәсият етиўши мультипликацион фильмлер жаратылыўы, аудиоертеклер, кинофильмлер ҳәм киножурналлар ислеп шығылыўы белгиленди.
Сондай-ақ, мәҳәллелерде халық арасындағы түрли машқалалы мәселелер, әсиресе, миграция, материяллық жәрдем, жер алыў, үй-жай алыў, коммунал мәселелер, нызамшылықта нәзерде тутылған жеңилликлер, алимент, жумысқа орналасыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша ҳуқықый мәлимлемелер буклет, флаер, лифлет ҳәм плакатлар формасында халыққа жеткерилиўи, “Ҳуқықый мәлимлеме күни” шөлкемлестирилиўи, “Пидайы жаслар” жәмийетшилик патруль топарлары менен биргеликте мәҳәллелерде халық арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша илажлар көлеми ҳәм сапасы асырылыўы көрсетип өтилди.
Билимлендириў системасында болса, Өзбекстан Республикасы Конституциясын үйрениў” ҳәм “Инсан ҳуқықларын үйрениў” арнаўлы оқыў курсларын барлық билимлендириў түрлери бойынша үйретиўдиң енгизилиўи, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларға
әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳәм ҳуқықтың дәслепки түсиниклерин үйретиў бойынша үлги қолланба жарытылыўы, жаслар арасында “Street law” (көше ҳуқықы) жойбарын енгизиў ушын ҳуқықтаныўшы талабалар, юридика коллежлери оқыўшылары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ўәкиллеринен ибарат волонтёрлар топары қәлиплестирилиўи, орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде “Ҳуқық билимданлары” жаслар ҳуқықый клублары шөлкемлестирилиўи,
жол ҳәрекети қағыйдаларын бузыў, нызамсыз авто жарыслар өткериўдиң алдын алыў мақсетинде “Ең тәртипли жас автотранспорт көлигин басқарыўшысы” жойбары өткерилиўи белгилеп берилди.
Соны айрықша атап өтиў орынлы, яғный халықтың бәрше қатламларының ҳуқықый мәдениятын жетилистириў мақсетинде, жастан келип шығып ҳуқықый саўатлылықтың минимал талаплары тастыйықланыўы, халықты қызықтырған ҳуқықый темалар бойынша “Сораў бойынша ҳуқықый үгит-нәсият” жойбары әмелге асырылыўы, мәмлекетлик уйымлары жанындағы мәлимлеме-таллаў мультимедиа орайларының ҳуқықый үгит-нәсият саласындағы искерлиги күшейттирилиўи, “Ең жақсы ҳуқық үгит-нәсиятлаўшысы”
ҳәм “Ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыўда ең жақсы инновацион жойбар” таңлаўлары өткерилиўи, адвокатлық яки ҳуқықтаныўшылық искерлигине бағышланған көркем фильм ҳәм сериаллар таярланыўы, халықты нызамға бойсыныў руўҳында тәрбиялаўға қаратылған қысқа метражлы фильмлер ҳәмде спектакллер жарытылыўы ҳәм системалы рәўиште телевидение арқалы берип барылыўы, мийнет мигрантларына түрли жәмийетлик-ҳуқықый мәселелер, әсиресе, миграция, жумысқа жайласыў, билим алыў, басқа мәмлекетлердиң нызам ҳүжжетлери бойынша ҳуқықый мәлимлемелер алыўда системалы жәрдем көрсетиўди өз ишине алыўшы арнаўлы мәлимлеме сайты ислеп шығылыўы, имканияты шекленген шахслар ушын ҳәм кексе жастағы шахслар ушын пайдаланыўға қолай болған, олардың социаллық қорғаўына тийисли ҳуқықларына тән топламларды таярлаў ҳәм қайырқомлық акцияларын өткерген ҳалда тарқатыў, еркинен айырылған шахслардың келешекте жәмийетлик өмирге көнигиўи (адаптация) ушын көмек бериў мақсетинде жазаны орынлаў мәкемелеринде дистанцион турып билим алыў системасы жолға қойылыўы, жазаны орынлаў мәкемелеринде ҳуқықый билимлерди үйретиў мақсетинде “Ҳуқық
ҳәм мен”, “Жынаят әлеминен қайтыў” атамасындағы ағартыўшылық-ҳуқықый шынығыўлар өткерилиўи, әскерий бөлимлерде ҳәр айдың жума күни “Ҳуқықый саўатлылық сааты” шөлкемлестирилиўи белгилеп қойылды.
Буннан тысқары, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириўде
ҳуқықый үгит-нәсияттың инновацион усылларын енгизиў мақсетинде, Әдиллик министрлиги тәрепинен 2020-жыл 1-январға шекем нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасы ҳәмде қосымша ҳуқықый мағлыўматлар жеткериў системасын өз ишине алатуғын Өзбекстан Республикасының миллий ҳуқықый интернет порталы, сондай-ақ
2019-жыл 1-июлге шекем халыққа бийпул мәсләҳат бериў порталын өз ишине алған Аdvice.uz ҳуқықый мәлимлеме системасы, пуқаралардың өз ҳуқықый билим дәрежесин сынаў мақсетинде Интернет системасында түрли басқышларга ийе болған “Ҳуқықый тест” жойбары жаратылыўы белгиленген.
Соның менен биргеликте, юридикалық билимлендириўди, сондай-ақ, юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў системасын раўажландырыў бойынша тармақлар аралық тәлимди күшейттириў ҳәм бул барыста Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети магистратура басқышында “Ҳуқық ҳәм Медицина”, “Ҳуқық ҳәм Қурылыс” киби қәнийгеликлер ашылыўы нәзерде тутылған.
Жуўмақ орнында концепцияны қабыл етиўден күтилетуғын нәтийжелер усыннан ибарат, яғный, пуқара, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң өз-ара қатнасықларында халықтың ҳуқықый мәденияты ҳәм жәмийетлик белсендилигин асырыў, жеке ҳәмде жәмийетлик ықтыяжлар арасындағы
тең салмақлылықтың сақланыўын тәмийинлеў, бала ҳәм жаслар санасына дәслепки ҳуқықый түсиниклерди ҳәм әдеп икрамлылық қагыйдаларын системалы сиңдирип барыў, ҳуқықый тәлим-тәрбияны тығыз ҳәм системалы алып барыўға ерисиў, ҳуқықый үгит-нәсияттың инновацион усылларын жаратыў ҳәм енгизиў, ҳуқықый билимлерди үгит-нәсиятлаўда ғалаба хабар қуралларының ролин күшеттириў, лаўазымлы шахслар хәм пуқараларда нызамға ҳәмде ҳуқықка болған ҳүрмет сезимин күшеттириў, ҳуқуқбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин тәмийнлеў болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлиги
Мәмлекетлик емес
коммерциялық емес шөлкемлери
бөлими бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ