Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Конституция – жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўының ҳуқықый тийкары


Конституция – жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўының
ҳуқықый тийкары

Жәмийетте тил қәлиплесер екен, әлбетте, сол жерде тәбийий рәўиште халықта, миллетте, өзине жараса мәдениятта қәлиплеседи. Халық санасында мәңги өшпес сәне сыпатында қәлиплескен тарийхый сәнелеримиз болса, тарийх бетлерине мөрленип, әжайып мәдениятымыздан орын алып, усы дөреткен мәдениятымызды байытып бара береди.
Мине усындай тарийхый ҳуқықый әҳмийетке ийе болған мәмлекетимиздиң ең тийкарғы нызамы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳаққында пикир жүритсек.
Сол орында, ҳәр қандай пуқарада Конституцияның мазмун-әҳмийети нелерден ибарат екенлиги ҳаққындағы сораўлар туўылыўы тәбийи жағдай.
Демек, Конституция –  ең жоқары юридикалық күшке ийе болған норматив ҳуқықый ҳүжжет болып, ол ҳәр қандай мәмлекеттиң тийкарғы нызамы, халық айнасы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик өмирдиң юридикалық тырнағы, миллий ҳуқық системасының бас дереги болып есапланады.
1990-жыл 14-декабрь сәнеси Қарақалпақстан Республикасында “Өзбекистан Республикасы қурамында Қарақалпақсан Республикасының мәмлекетлик суверенитети ҳаққында”ғы Декларация қабыл етилди.
Усы Декларация 1991-жылы 31-августте қабылланған “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик суверенитети тийкарлары ҳаққында”ғы Нызамда өзиниң ҳуқуқый тийкарын тапты.
Онда Қарақалпақстанның аймақлық пүтинлиги ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықларда тең ҳуқықлық, еки тәреплеме шәртнамалар, питимлер ҳәм басқада нызам ҳүжжетлери тийкарында беккемлеў көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы сиясий, ҳуқуқый, экономикалық ҳәм мәдений қатнасықлар Өзбекстан Республикасы Конституциясының XVII бабында (70-75-статьялары)
өз тийкарын тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 71-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы өз Конституциясына ийе болыў кереклиги белгиленген.
Мине усындай ҳуқуқый негизге көре, 1993-жыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XII шақырық
XII сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы Алғы сөз, VI бөлим,
XXVI бап ҳәм 120 статьядан ибәрат.  
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы Өзбекстан Республикасының Конституциясына ҳеш қандай қайшы келмейди, керисинше, оны негизги ҳуқуқый тийкар сыпатында биледи ҳәм Қарақалпақстан аймағында толық әмел қылыўын тәмийнлейди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы нызамларының орынланыўы Қарақалпақстанның пүткил аймағында мәжбүрий екенлиги көрсетилген.
Соның менен бир қатарда, Конституциямыз мәмлекет ҳәкимиятын дүзиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўде нызамда белгиленген тийкарғы қағыйдаларын көрсетиў менен бирге, жәмийет турмысының барлық тараўларындағы қатнасықлардың раўажланыўы, тынышлық ҳәмде парахатшылықты тәмийинлеў, адамлар санасы ҳәм ой-пикирлеўиниң руўхый көтериңкилик дәрежесиниң негизи болып есапланады.  
Соның менен биргеликте, мәмлекет сиясатындағы түпкиликли өзгерислерди өзинде сәўлелендирген Конституциямызда базар қатнасықларына тийкарланған жәмийеттиң экономикалық негизи болған жеке мүлкшилик, еркин исбилерменлик сыяқлы институтлар беккем ҳуқықый тийкарға ийе болды.
Конституциямыз бүгинги жедел пәт менен өзгерип атырған дүньядағы процесслердин барлық сынаўларынан табыслы өтип келмекте.
Ҳәр қандай мәмлекеттиң демократиялық өзгешеликлерин көрсететуғын шәртлериниң бири бул инсан ҳуқықына ҳәм еркинликлерине болған қатнасық болып табылады.
Конституция өзинде инсаныйлық идеясын жәмлеген, елимизде
избе-излик пенен әмелге асырылып атырған реформалар-мәмлекет қурылысы тараўында болама, жәмийет қурылысы, нызамшылық, суд ҳуқық системасында болама, олардың ҳәммесин  системалы түрде бир пүтин қылып байланыстырып турыўшы тийкарғы буўын – бул  инсан мәплери болып есапланады.
Елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ажыралмас бөлеги болған инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин нәтийжели қорғаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды. Бул болса мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамында өз орнын таўып, онда инсан мәпи дүньядағы барлық қәдир-қымбатлардан үстин турыўы белгилеп өтилди.
Бул тийкарғы демократиялық принцип Конституциямыздың
7-статьясында тастыйықланып, “Халық мәмлекет ҳәкимиятының бирден бир дереги” екенлиги анық белгилеп қойылды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының
13-статьясында Қарақалпақстан Республикасында демократия улыўма адамгершилик принциплерине тийкарланады, буларға муўапық  инсан, оның турмысы, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да ажыралмас  ҳуқықлары ең жоқары байлық болып табылады.
Демократиялық ҳуқықлар ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалады.
Сол тийкарда жәмийетимизде ҳуқықый демократиялық ҳәм ашық пуқаралық жәмийетин, еркин базар қатнасықларына тийкарланған экономиканы қурыў, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўда тийкарғы нызамымыз беккем тийкар болып келмекте.
Конституциямыз – бизлер ушын тек ғана ҳуқықый бир ҳүжжет болып қалмастан, бәлки тарийхый ҳуқықый әҳмийетке ийе ҳүжжет болып есапланады.
Солай екен, жәмийетимиз турмысының тийкары болған Конституцияны терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениўимиз, оның мазмун-мәнисине жетип барып, өмиримиздиң турақлы әмелий қолланбасына айландырыўмыз оғада зәрүр.


Мәмлекетлик емес
коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими
бас мәсләҳәтшиси
2-дәрежели юрист                        И. Алдабергенов