Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Салауатдин Худайбергенов өзи оқыған Кегейли районындағы 20-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 26-жыллық байрамы мүнәсибети менен ушрасыў өткерди.


Бүгинги күнде республикамыз бойлап «Өзим оқыған мектепке мениң китап саўғам» акциясы шеңберинде әдиллик министри тәрепинен мектеп китапханасына Конституция ҳәм нызам ҳүжжетлери, 100ге жақын өзбек, қарақалпақ ҳәм рус әдебиятының ең жақсы китаплары, ҳәмде  компьютер саўға етилди. Компьютерге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери жайластырылды. Бул өз нәўбетинде тек мектеп жәмәәти ушын емес, ал сол аймақта жасаўшы пуқаралар ушын нызам ҳүжжетлерин алыў имкәниятын береди.