Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

03

КОНСТИТУЦИЯ – ЕРКИНЛИК ҲӘМ ТЫНЫШЛЫҒЫМЫЗ ТИЙКАРЫ


Бәршемизге белгили, быйыл 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Конституциясының қабыл етилгенине 26 жыл толады. Сәне мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында ушырасыў шөлкемлестирилди. Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Мәмлекетлик гимнлери  жаңлады.

Салтанатлы илажды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлиги жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова, университеттиң Миллий идея ҳәм мәнаўият тийкарлары кафедрасы оқытыўшысы З.Реймова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Конституция Қарақалпақстан Республикасы халқының инсан ҳуқықлары ҳәм мәмлекет суверенитети идеяларына садықлығын белгилеп, ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдындағы жуўапкершиликти сезинип, улыўма инсаныйлық демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қурыўды гөзлеген, пуқаралардың тынышлығы ҳәм миллий татыўлығын тәмийинлеў сыяқлы мақсетлерди өзинде жәмлегенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, баянатшылар бас нызамымыздың турмысымызда тутқан орны, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўде оның әҳмийети ҳаққында да айтып өтти. Бүгинги күнде нызамшылықка киритилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар, жаңа Пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди. Соның менен бирге халықтың ҳуқықый саўатханлығын, ҳуқуқый мәдениятын арттырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылып, усы тийкарда исленип атырған кең көлемли илажлар ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.

Ушырасыўда студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли тараў қәнигелеринен жуўаплар алды ҳәм пикир-усынысларын билдирди.


Н.Кутлымуратова