Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Өзбекстан Республикасының халықара рейтинглер ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ис-илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди


Қарарга муўапық Өзбекстан Республикасының халықара рейтинглердеги орнын мониторинг етиў ҳәм баҳалаў миллий системасы жаратылады.
Басқарыў сапасы ҳәм сиясаттың нәтийжелилигин өлшеў, мәмлекетте жүз беретуғын өзгерислер процессин баҳалаў Миллий мониторинг системасының қурамлық бөлеги есапланады. Миллий мониторинг системасын шөлкемлестириўдиң дәслепки басқышы ретинде изертлеў институтларына халықара рейтинглер бириктирилди. Оларға халықара рейтинглердиң методологиялық ҳәм басқа қурамлық бөлеклерин анықлаў, оларды әмелдеги нызамшылыққа имплементация етиў, Өзбекстанның халықара рейтинглердеги пәс көрсеткишлерине себеп болып атырған тийкарғы факторларды анықлаў ўазыйпасы жүкленди. Мәмлекетлик хызметлериниң  сапасын жақсылаў мақсетинде “мәмлекетлик хызметлериниң сырлы қәрийдары” институты енгизиледи. 2019-жыл 1-апрелге шекем Интернет тармағында “Өзбекстан Республикасы халықара рейтинглерде” бирден-бир порталы жаратылады. Усы порталда халықара рейтинглер бойынша жыллық есабатлар, сондай-ақ, есабатларды үйрениў ҳәм дағазалаў мүддетлерин көрсетген ҳалда тийисли бағдарлар бойынша жумыслар аўҳалын жақсылаўға қаратылған халықара шөлкемлер ҳәм экспертлердиң усыныслары жарытылып барылады. 2019-жыл 1-апрелге шекем Өзбекстанның миллий мәплерин есапқа алып сырт ел мәмлекетлердиң унамлы тәжирийбесине тийкарланған рейтинглер методологиясы тастыйықланды. Өзбекстанның  халықара рейтинглердеги орнын, соның ишинде, изертлеў институтларының мағлыўматлары ҳәм үйрениў нәтийжелерин есапқа алған жағдайда жақсылаў бойынша ҳәр жылы “Жол карталары” ислеп шығылады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими А.Отарбаев