Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

06

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәжлислер залында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын ушырасыў шөлкемлестирилди


Мәмлекетимизде инвестиция орталығын жәнеде жақсылаў, туўрыдан-туўры инвестицияларды тартыўды хошаметлеў, инвесторлардың бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың турақлылығына болған исенимин беккемлеў мақсетинде 2018-жыл 1-август сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасында инвестиция орталығын түп-тийкарынан жақсылаў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Пәрманы қабыл етилди.
Усы мақсеттиң орынланыўын тәмийинлеў ушын пәрман менен төмендеги бир қатар нормалар белгилеп берилди.
Атап айтқанда, 2018-жыл 1-августтан баслап инсәплы искерлик жүргизген инвестор ҳәм исбилерменлик субъектине мәмлекетлик орган тәрепинен оларға қарата қабыл етилген ҳәкимшилик ҳүжжеттиң  нызамлы күшине исенгенлиги себепли мал-мүлктен пайдаланған, питим дүзген ямаса усынған жеңиллик ҳәм үстинликлерден басқаша тәризде пайдаланған ҳәмде усы ҳүжжеттиң кейин ала ҳақыйқый емес деп табылған ямаса бийкар етилген болса келип шыққан мүлкий зыянның орны қаплап бериледи. Мәмлекетлик органының ҳәкимшилик ҳүжжетти бийкар етиў ямаса өзгертириў мәселеси, егер ол инсәплы инвестор ямаса исбилерменлик субъектиниң нызамлы мәплерине байланыслы болса суд тартибинде көрип шығылады.  
Усы жылдың 1-сентябринен баслап мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәәжликлери ушын жер участкаларын алып қойыў ҳаққында қарар қабыл етиўге тек ғана жер участкасы алып қойылыўы режелестирилип атырған мәпдар шахслар менен ашық додалаў өткерилгеннен, пайда ҳәм қәрежетлер базар баҳасында баҳаланғаннан кейин рухсат бериледи;
Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға мәмлекетлик органның нызамсыз ҳәкимшилик ҳүжжети қабыл етилиўи ақыбетинде жеткерилген зыян мәмлекет тәрепинен, биринши нәўбетте тийисли органлардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қапланады, кейин ала айыпкер шахстан регресс тәртибинде өндирип алынады.
Бүгинги күнге шекем нызамшылықта жер участкаларын қайсы жағдайларда мәмлекетлик ҳәм жәмийет мүтәәжликлери ушын алып қойыў тийкарлары анық көрсетилмеген еди.
Ҳуқықты қоллаў әмелиятында бир қыйлылықты тәмийинлеў мақсетинде мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәәжликлери ушын жер участкаларын алып қойыўдың анық тийкарлары Пәрман менен белгилеп берилди.
Пәрман менен    район (қала) ҳәкимлери аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкасын сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға 50 жылға шекемги мүддетке инвестиция жойбарларын  әмелге асырыў ушын узақ мүддетли ижәраға бериў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықына ийе болды.
    Және бир әҳмийетли тәрепи, алдын инвестициялық шәртнамалар тек ғана ҳүкимет дәрежесинде тастыйықланатуғын еди. Ендигиден былай Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине 10 млн АҚШ долларынан көп болмаған эквивалентте сырт ел инвесторлары менен инвестиция шәртнамаларын ғәрезсиз дүзиў ҳуқықы;
Қарарқалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаят ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслерине  улыўма майданы 2000 квадрат метрден артық, бирақ 5000 квадрат метрдан көп болмаған, пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин инвестиция жойбарын әмелге асырыў ушын сатыў ҳаққындағы қарар қабыл етиў ҳуқықы   берилди.
2018-жылдың 1-октябринен баслап мийманханалар, саўда объектлери, мәдений көңилашар компелкслер, турмыслық хызмет көрсетиў объектлери, билимлендириў ҳәм медицина шөлкемлери, жол инфраструктурасы ҳәм басқа көшпес мүлк объектлерин курыў ушын жер участкаларына турақлы ийелик етиў ҳуқықын аукцион арқалы сатыў әмелияты енгизилди.