Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

01

2018-жыл 1-августтан бир қатар нызам ҳүжжетлериндеги айырым нормалар күшке киреди.


1. 2018-жыл 1-августтан республика аймақлары кесиминде халыққа суйылтырылған газди сатыўдың бирден бир усақлап сатыў баҳасы 800 сум етип белгиленди. Бул Ҳүкиметтиң 2017-жыл 29-декабрдеги қарарында нәзерде тутылған. Усы күнге шекем суйылтырылған газ баҳасы аймақлар кесиминде 500 сумнан 720 сумға шекем белгиленген еди.
2. Автомототранспорт қураллары ҳәм қала электр транспорт қураллары басқарыўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәмде олардың маманлығын асырыў искерлиги менен бүгиннен баслап мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери искерлигин әмелге асрырыў ҳуқықын бериўши лицензияға ийе болған басқа юридикалық шахслар шуғылланыўы мүмкин.  
3. 2018-жыл 1-августтан төмендеги шөлкемлер сапластырылады:
•    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик дән инспекциясы;
•    Машина ҳәм әсбап-үскенелердиң техникалық жағдайын қадағалаў бас мәмлекетлик инспекциясы;
•    Шарўашылықта нәсилшилик ислери бас мәмлекетлик инспекциясы;
•    «Ўзсувназорат» республика суў инспекциясы;
•    «Ўздавуруғназоратмарказ» аўыл хожалығы егинлери туқымын  сертификациялаў ҳәм сапасын қадағалаў мәмлекетлик орайы;
•    «Ўзстандарт» агентлигиниң «Ўзбекистон пахта маҳсулотларини сертификатлаш «Сифат» маркази» мәмлекетлик кәрханасы.
4. “ Өзбекстан Республикасында грипп ҳәм басқа өткир респиратор инфекциялардың тарқалыўына қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарына муўапық ендигиден былай грипптиң аўыр формаларына ҳәм басқа өткир респиратор инфекцияларын жуқтырғанлықта гүмән етилип атырған шахсларға усы вирус түрлери бойынша мәжбүрий диагноз қойыў бойынша норма күшке киреди.
5. 2018-жыл 1-августтан баслап штаттағы хызметкерлердиң 50 проценти майыплығы болған шахслардан қуралған майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери кәрханалары жәми хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў фонды ушын бирден бир социаллық төлем ставкасы 4,7 процент муғдарында белгиленеди.
6. 2018-жыл 1-августтан баслап турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў ушын аймақларды исбилерменлерге бириктирип бериў тек ғана таңлаў тийкарында, ноль ставкадан басланыўшы электрон аукцион жолы менен «E-IJRO AUKSION» бирден бир электрон саўда майданшасы арқалы әмелге асырылады.
7. Бүгиннен мәмлекетимизде мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын жоқары тәртипке салыўшы талаплар қойылған мәмлекетлерде әмелге асырылған, дәри затларын мәмлекетлик дизимнен өткериў нәтийжелери тән алынады (дизимнен өткериў шәрт болмайды). Алдын дәри затлары әлбетте мәмлекетимизде қайта мәмлекетлик дизимнен өтиўи шәрт еди.
8. Сыртқы миграция тараўында да өзгерислер болады. Соның ишинде, бүгиннен баслап:
жеке мийнет шәртнамалары бойынша мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын сырт елге кетип атырған пуқараларға сырт елде мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын рухсатнама бериў тәртиби бийкар етиледи;
сырт елде мийнет искерлигин әмелге асырыўшы пуқаралар тәрепинен Бюджеттен тысқары пенсия қорына ең кем ис ҳақының төрт ярым есеси муғдарында жыллық қамсызландырыў төлемлерин ықтыярий түрде төлеў тәртиби енгизиледи, бунда төлемлер әмелге асырылған дәўирлер белгиленген тәртипте мийнет стажына қосылады.
9. 2018-жыл 1-августтан төмендегилерди нәзерде тутыўшы мәртелик субсидиялар берилиўин нәзерде тутатуғын жумыссызлық бойынша қамсызландырыў системасы енгизилди:
халық бәнтлигине көмеклесиў орайларында дизимнен өткен ҳәм исбилерменлик искерлигин  баслаўды қәлеўши жумыссыз шахсларға жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимнен өтиў қәрежетлерин қаплаў ушын ең кем ис ҳақының 2 есеси муғдарында пул төленеди;
халықтың социаллық мүтәәж қатламларына тийисли шахсларды квоталанған жумыс орынларынан артық муғдарда жумысқа қабыл еткен шөлкемлерге- ҳәр бир қабыл еткен хызметкер ушын ҳәр айда ең кем ис ҳақының 2 есеси муғдарында пул төленеди;
халық бәнтлигине көмеклесиў орайларының жолламасы бойынша жумысқа қабыл етилген шахсларды кәсипке қайта оқытыў ҳәм олардың маманлығын асырыўға сарыпланатуғын жумыс бериўшилер қәрежетлерин финансластырыўға ушын ҳәр бир хызметкер ушын ең кем ис ҳақының
3 есеси муғдарында пул төленеди.
10. Бүгиннен баслап физикалық ҳәм юридикалық шахсларға түси өзгертирилген (қарайтырылған) айналы жеңил автотранспорт қуралларынан пулы тийкарда пайдаланыўға рухсат бериў ҳаққындағы норма күшке кирди. Әлбетте буның ушын тийисли рухсатнаманы алыў зәрүр.  
11. 2018-жыл 1-августтан айырым тараў ўәкиллериниң ис ҳақылары асырылады.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Пәнлер академиясы басқарыў аппараты хызметкерлериниң ис ҳақы муғдары
2 есеге асырылады.
Буннан тысқары “Суд-ҳуқық системасын жәнеде жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты органларына исенимди асырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Пәрманға тийкар белгиленген судлар, Конституциялық суд, Судьялар олий кенгаши судьялары ҳәм аппаратлары хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Олий суды жанындағы Судлар искерлигин тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлерине айлық ис ҳақын асырыў бойынша белгиленген нормалар да бүгиннен күшке киреди.
2018-жыл 1-августтан баслап салық органлары хызметкерлериниң лаўазым айлығын белгилеўде тариф коэффициенти 1,7 есеге асырылған муғдарда қолланылады.
Буннан тысқары, Ташкент қаласында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў күшлери қурамында хызмет алып барып атырған хызметкерлер ҳәм әскерий хызметкерлерге де лаўазым айлығының 50 процентине шекем болған муғдарда бир мәртелик пул сыйлығы бериў тәртиби де күшке кирди. Буның ушын усы хызметкерлер патруллик аймағында аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларға тиккелей шек қойыўы, оларды анықлаўы, тергеў ҳәм судтан жасырынған шахсларды услаўы лазым.