Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәмде шешиў турақлы қадағалаўда

Дата: 26.10.2016    

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетинде 2016-жыл 20-сентябрда өткерилген 117-сан мәжилис баяны менен  физикалық  ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен Өзбекистан Республикасы Бас министри атына жиберилип атырған мүрәжатлардағы мәселелерди өз ўақытында шешилиўин тәмийинлеўге қаратылған ислерди жәнеде жетилистириў мақсетинде, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң Интернет тармағындағы виртуал қабылханасы шөлкемлестирилди.

Бул виртуал қабылханаға Өзбекистан Республикасындағы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлерин қабыллаў ҳәм тийисли тәртипте көрип шығыў, сондай-ақ бул мүрәжатлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы шешилиўин қадағалаў киби ўазыйпалар белгиленген.

Яғный, ҳәр бир келип түскен мүрәжатлар Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен дүзилген исши топар тәрепинен көрип шығылып, тийисли мәкемелерге жиберилип қадағалаўға алынады.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде виртуал қабылхана арқалы келип түскен мүрәжатларды өз ўақытында қабыл қылыў, орынлаўшыларға жеткериў ҳәм орынланыўын қадағалаў бойынша жуўаплы хызметкер бириктирилди ҳәм қадағалаўға алынды.

Усы жылдың өткен дәўиринде министрликке виртуал қабылхана арқалы физикалық ҳәм юридикалық шахслардан жәми 21 дана мүрәжатлар келип түсти ҳәм орынлаўға қаратылды.

Бүгинги күнде мүрәжатлардың 16 данасы көрип шығылып, 14 данасына ҳуқықый түсиник берилди, 2 данасы қанаатландырылып, судларға 118.345.365 сўмлық 2 дана даўа арзалары киритилди. Қалған 5 дана мүрәжатлар министрлик тәрепинен көрилип атыр.

Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларында көтерилген мәселелер министрлик басшылары тәрепинен қадағалаўға алынған болып, барлық итибар үйрениў даўамында мүрәжатты нызамлы шешилиўин тәмийинлеўге қаратылған.

Министрликке мүрәжатлардың келиўи даўам етпекте.

И.Разаков,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Шөлкемлестириў-қадағалаў ҳәм таллаў секторы жетекши мәсләҳәтшиси