Мәмлекетимиз нызамшылығында нәгиранларға басқалар менен теңдей шараятлар жаратыў тәмийинленген

Дата: 28.09.2016    

Инсан ҳуқықлары дүньяжүзлик Декларациясының 25-статьясында ҳәр бир инсан өзине байланыслы болмаған себеплерге тийкар жумыссыз болып қалыў, наўқасланыў, нәгиранлық, қартайыў ҳәм басқада жасаў ушын зәрүр нәрселерден айрылыў жағдайларында тәмийинлениў ҳуқықына ийе болады деп белгиленген.

Дүньяның барлық мәмлекетлеринде, жәмийеттиң ҳәр қандай топарларында нәгиранлар бар. Нәгиранлықтың себеп ҳәм ақыбетлери ҳәр мәмлекетте ҳәр түрли. Бул өзгешеликлерди социал-экономикалық жағдайлардың ҳәм мәмлекетлердиң пуқаралардың жасаў шараятларын тәмийинлеўдеги иләжларының ҳәр түрлилиги менен түсиндириў мүмкин.

Дүнья жүзинде жыллар даўамында нәгиранлар тараўындағы сиясат өзгерип бармақта: ол нәгиранларды арнаўлы мәкемелерде әпиўайы күтип қараўдан, нәгиран балаларды оқытыў, ер жеткен дәўирде нәгиранлыққа дуўшар болған шахсларды реабилитация етиўге шекем болған жолды басып өтти.

Нәгиранларға теңдей шараятлар жаратыў – дүнья мәмлекетлеринде барлық инсан ресурсларын мобилизациялаўға қаратылған улыўма умтылысқа қосылған әҳмийетли үлес болып табылады.

БМШ Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-декабрь сәнесиндеги 48-сессиясында қабыл етилген «Нәгиранларға тең шараятларды тәмийинлеў стандарт қағыйдалары» ның 5-қағыйдасы қолайлық (доступность) деп аталады. Оған тийкар: мәмлекетлер нәгиранларға жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында теңдей шараятлар жаратыў процессинде қолайлылықты тәмийинлеўдиң әҳмийетлилигин тән алыўлары лазым. Мәмлекетлер материаллық қоршаған орталықты пайдаланыўды шеклеўши тосқынлықларды сапластырыў иләжларын көриўлери лазым. Бундай иләжлар қатарына стандартлар ҳәм баслы принциплерди ислеп шығыў, сондай-ақ турақ жайлар, имәратлар, жәмийетлик транспорт ҳәм басқада транспорт қураллары, көшелер ҳәм басқада көше объектлери сыяқлы, улыўмапайдаланыў объектлеринен пайдаланыўда қолайлық жаратыўды тәмийинлеўге қаратылған нызамшылық актлерин қабыллаў мәселелерин көрип шығыўды киритиў лазым. Сондай-ақ, Қағыйдалардың 5-қағыйдасында материаллық қоршаған орталықты жобаластырыў ҳәм жаратыўда жобаластырыў процессиниң ең басында оның қолайлығы ҳаққындағы талапты киритиў лазым, нәгиранларға қолайлық жаратыўшы стандартлар ҳәм нормалар ислеп шығыўда, нәгирналар шөлкемлери менен мәсләҳатлар өткериў зәрүр деген қағыйдалар беккемленген.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының кирис бөлиминде сәўлеленген халық аралық ҳуқықтың улыўма мақулланған қағыйдалары үстинлигин тән алыў принципине тийкар, Конституцияның 45-статьясында ер жетпегенлер, мийнетке жарамсызлар ҳәм жалғыз баслы қартайғанлардың ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында деп беккемленген.

Жоқарыдағы халық аралық ҳәм конституциялық принциплерге тийкар республикамызда нәгиранлар ҳуқықларын қорғаў, оларға теңдей шараятлар жаратыў бойынша толық нызамшылық база жаратылған ҳәм еледе раўажландырылмақта.

Буларға суверен мәмлекет сыпатындағы дәслепки жылларда қабыл етилген «Өзбекистан Республикасында нәгиранларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Нызамды ҳәм «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамды, Өзбекистан Республикасы Мийнет кодекси, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналатуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларын бәнт етип қойыў тәртиби ҳаққында»ғы Қарары ҳәм басқада нызам-ҳүжжетлерини мысал келтириў мүмкин.

Өзбекистан Республикасы Мийнет кодексиниң 68-статьясында халықтың айрым қатламлары ушын жумысқа жайласыўда қосымша кепилликлер белгиленген болып, оған көре мәмлекет социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналатуғын ҳәм мийнет базарында тең шараятларда бәсекелесиўге имкәнияты болмаған шахслар қатарында нәгиранларғада қосымша жумыс орынлары, қәнигелестирилген кәрханалар, соның ишинде нәгиранлар мийнет ететуғын кәрханалар дүзиў, жумыс үйретиўдиң арнаўлы дәстүрлерин шөлкемлестириў, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер ушын көрсетилген топардағы пуқараларды жумысқа жайластырыў ушын минимал жумыс орынларын белгилеп қойыў, сондай-ақ нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқада иләжлар менен қосымша кепилликлерди тәмийинлейди.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008 жыл 20 августтағы 186-санлы Қарары менен тастыйықланған «Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналатуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларын бәнт етип қойыў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 5-бәнтине тийкар нәгиранларды жумысқа жайластырыў ушын хызметкерлериниң дизим бойынша орташа саны жигирма адамнан көпшиликти қурайтуғын мәкемелерде нәгиранларды жумысқа жайластырыў ушын хызметкерлер санының кеминде 3 пайызы муғдарында жумыс орынларының ең кем саны белгиленеди ҳәм бәнт етип қойылады.

Нәгиранларға тең шараятлар жаратыў тараўындағы миллий нызамшылығымыздағы нормалардан бири бул «Өзбекистан Республикасында нәгиранларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 9-статьясы болып табылады. Оған көре, нәгиранлардың кириўи ҳәм пайдаланыў ушын қолайластырылмаған ҳалда халық жасаў пунктлерин жойбарлаў ҳәм қурыўға, турар жай районларын қурыўға, жаңа қурылыс ушын жойбар шешимлерин ислеп шығыўға, бинәлар, имәратлар ҳәм олардың комплекслерин реконструкциялаўға, сондай-ақ транспорт қуралларын, улыўма пайдаланыўдағы байланыс қураллары ҳәм мәлимлеме қуралларын жаратыў ҳәмде ислеп шығарыўға жол қойылмайды. Бинәлар, имәратлар ҳәм олардың комплекслерин қурыў ҳәмде реконструкция етиў нормалары ҳәм қағыйдалары нәгиранлардың тийисли жамийетлик бирлеспелери пикирин есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўы ҳәмде Өзбекистан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги менен келисилиўи лазым деп белгиленген.

Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигинен 27.03.2003-жыл 27-мартта 1229-сан менен дизимнен өткен «Өзбекистан Республикасының мүтәж болған пуқараларын реабилитациялаўдың протез-ортопедия буйымлары ҳәм техник үскенелери менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққында»ғы Қолланбаның 3-бәнтине тийкар 1941-1945 жыллар урыс нәгиранлары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар, улыўма кеселликлер бойынша нәгиранлар, мийнетте майыпланған нәгиранлар, кәсиплик кеселликлер ақыбетиндеги нәгиранлар, әскерий хызметти атқарыў менен байланыслы жарақатланыў, контузия, майыпланыў, кеселликлер ақыбетиндеги нәгиранлар, әскерий хызметти өтеў дәўиринде алған кеселлиги ақыбетиндеги нәгиранлар, әскерий хызметти атқарыў менен байланыслы болмаған бахытсыз ҳәдийсе ақыбетинде жарақатланыў, майыпланыў, контузия ақыбетиндеги нәгиранлар, пуқаралық миннетин орынлаў менен байланыслы жарақатланыў, контузия ақыбетиндеги нәгиранлар, Чернобыль АЭС апатшылғы нәгиранлары, балалықтан нәгиранлар, 16 жасқа шекемги нәгиран-балалар протез-ортопедия буйымлары менен бийпул тәмийинленетуғын жеңилликлерден пайдаланыўшы нәгиранлар қатарына киритилген.

Соның менен бир қатарда, Өзбекистан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамының 23-статьясына тийкар физикалық яки руўхый раўажланыўында нуқсаны болған, сондай-ақ узақ ўақыт емлениўге мүтәж болған балалар ҳәм өспиримлерди оқытыў, оларды тәрбиялаў ҳәмде емлеў ушын қәнигелестирилген билимлендириў мәкемлери шөлкемлестирилиўи, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемлериниң оқыўшылары қысман яки толық мәмлекет тәмийинлеўинде болыўы белгиленген.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимизде келешекте инсан ҳуқықлары, соның ишинде нәгиранлар ҳуқықлары тараўындағы халық аралық тәжрийбени ҳәм улыўма қабыл етилген нормаларды есапқа алған ҳалда, мәмлекетимиз нызамшылығы еледе раўажландырылып бара береиўине исенемиз.

Е.УтениязовҚарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Нызамшылық бөлими баслығы