Парламент қадағалаўы институты - демократиялық реформалардың жемиси

Дата: 22.09.2016    

Бәршемизге белгили мәмлекетлик басқарыўдың парламентлик формасы раўажланған демократик жәмийеттиң, улыўма демократия түсинигиниң тийкарғы белгилериниң бир сыпатында тән алынған.

Республикамызда соңғы жылларда әмелге асырылып атырған конституциялық реформалар мәмлекет ҳәкимияты дизиминде жоқары ўәкиллик органы - парламенттиң роли ҳәм әҳмийетин сезилерли дәрежеде күшейтпекте.

Усы жылдың 12-апрель сәнесинен күшке кирген «Парламент қадағалаўы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызам да парламенттиң қадағалаў функциясын сапалылығын жаңа тийкарда қурыў ҳәм тәмийинлеў бойынша нәтийжели система жаратылыўына үлес қосыўы гүмансыз.

«Парламент қадағалаўы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамы Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Конституциясына киритилген өгерислер мүнәсебети менен нызамларды ислеп шығыў Дәстүри ҳаққында»ғы 2014-жыл 25-июндағы, «Өзбекистан Республикасы Конституциясына киритилген өзгерислер мүнәсебети менен нызамларды ислеп шығыў Дәстүриниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында» 2015-жыл 26-марттағы ҳәмде «Өзбекистан Республикасы Президентиниң Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 23-жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилисиндеги баянатында нызамлылылық ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў тараўында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында” 2015-жыл 15-декабрдеги бийликлерине муўапық ислеп шығылған.

Ҳақыйқатында да, усы ўазыйпаларды шешиў мақсетинде парламент қадағалаўына тийис пүтин ҳәмде системаласқан ҳукықый база - «Парламент қадағалаўы ҳаққында»ғы Нызамды жаратыў бойынша кең көлемли ислер алып барылғанын айрықша атап өтиу тийис. Сонлықтан, парламент қадағалаўға тийис ҳуқықый тийкарды ислеп шығыў процеессинде тараўға тийисли қатар нызам ҳүжжетлери, топланған тәжрийбе ҳәм әмелият анализленди. АҚШ, Уллы Британия, Германия, Франция, Испания, Қубла Корея, Япония хәмде басқа мәмлекетлердиң алдыңғы жетискен тәжрийбелери үйренилип, итибарға алынды. Нызам жойбарын ҳәр тәреплеме додалаўға қаратылған 30 дан зыят конференция, семинар ҳәм дөңгелек стол дөгерегиндеги сәўбетлер өткизилди. «Парламент қадағалаўы ҳаққында»ғы Нызамда парламент қадағалаў субъектлери ҳәмде объекти, қадағалаў формалары ҳәм нәтийжелери, нызам ҳүжжетлери атқарыўы ҳәмде хуқықты қоллаў әмелиятын үйрениу ҳәм нызам асты ҳүжжетлериниң қабыл қылыныўы бойынша мониторингти әмелге асырыў, ашықлық ҳәм әшкаралық мәселелери анық қағыйда ҳәм процессуал механизмлер менен тәртипке салынған.

Атап өтиў тийис, Журтбасшымыз басламасы тийкарында қабыл қылынған «Парламент қадағалаўы ҳаққында»ғы Нызам ашық демократик ҳукықий мәмлекет қурыў жолында қойылған нәўбетдеги әҳмийетли қәдем болып, ҳәкимиятлар бөлиниўи конституциялық принципи тийкарында парламенттиң ролин асырыў, оның искерлигин жетилистириў, атқарыўшы ҳәкимият үстинен парламент қадағалаўы нәтийжелигин күшейтиўге қаратылған демократик өзгерислерди әмелге асырылыўына хызмет қылады.

Узақты гөзлеп турумысқа енгизилип атырған конституциялық реформалар Жоқарғы Кеңес палаталары ҳәмде ең алды, фракциялардың мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы органлары искерлиги үстинен нәтийжели парламент искерлигин әмелге асырыў, қыбыл етилип атырған нызамлар, әҳмийетли мәмлекет дәстүрлериниң атқарылыўын сөзсиз тәмийинлеў барысындағы искерлигин сапалылығы жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўға хуқықый шәрт-шараятлар жаратып береди.

Сондай-ақ, жаңа Нызам парламент депутатлары қадағалаў ҳуқықынан пайдаланған ҳалда, аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў дәстүрлерин әмелге асырылыўының нәтийжелигин раўажландырыўға, халықтың ҳуқық хәмде нызамлы мәплерин жәнеде толығырақ тәмийинлеўге, орынларда машқалалардың ақылға уғрас шешиўге унамлы тәсир көрсетеди.

Қалаберсе, Нызам тийкарында парламент ҳәм сиясий партиялардың мәмлекет ҳәмде жәмийет дүзилисиндеги ролин күшейтиў, парламенттиң мәмлекеттиң жоқары ўәкиллик органы сыпатында, депутаттың болса ҳалықтың айрықша ўәкили сыпатында мойнына жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў механизмлери жетилистирилди.

Булардың барлығы Өзбекистан миллий мәмлекетшилиги негизинде, парламент ҳәм мәмлекет ҳәкимияты жоқары органлары ортасындағы өз-ара қатнасықлар системасында парламентаризм идеяларының жәнеде беккемленип, жәмийет өмири ҳәмде мәмлекетти басқарыўда пуқаралар қатнасын кең тәмийинлеўге жәрдемлеседи.

Е.Утениязов, ҚР Әдиллик министрлиги Нызамшылық бөлими баслығы