Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2018 йил 13 апрелдаги ПҚ-3666-сон “Ўзбекистон Республикаси Адлия вазирлиги фаолиятини янада такомиллаштиришга доир ташкилий чора-тадбирлари тўғрисида”ги Қарори билан тасдиқланган Низомда Адлия вазирлигининг жамият ва давлат бошқарувини такомиллаштиришдаги роли белгилаб берилган.

Мазкур Низом асосида ҳудудий адлия органининг вазифа ва функциялари ишлаб чиқилган.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққында

РЕЖЕ

I. Улыўма режелер

1. Усы Реже Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл
13-апрельдеги ПҚ–3666-санлы «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жумысын еледе жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң (буннан былай текстте – Министрлик деп жүргизиледи) ҳуқықый статусын, тийкарғы ўазыйпаларын, функцияларын, ҳуқықларын, жуўапкершилигин, жумысын шөлкемлестириў ҳәм есабат бериў тәртибин, сондай-ақ оның басшыларының функционаллық ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилигин белгилейди.

2. Министрлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ўәкиллиги шеңберине киретуғын ўазыйпаларды өзи жумыс жүргизип атырған аймақта әмелге асырыўшы мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланады.

Министрлик системасына Министрлик қурамлық бөлимлери, районлар (қала) әдиллик бөлимлери, мәмлекетлик нотариал кеңселери ҳәм нотариал архив киреди.

Министрлик жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларынан ғәрезсиз ҳәм тиккелей Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине бойсынады.

Министрлик, районлар (қала) әдиллик бөлимлери ҳуқық қорғаў уйымлары болып есапланады.

3. Министрлик өз жумысында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Конституциясы ҳәм нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қараралары ҳәм бийликлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қараралары ҳәм бийликлери, басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққындағы реже, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Коллегиясының қарарлары, Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң буйрықлары ҳәм бийликлери, сондай-ақ усы Режеге бойсынады.

4. Министрлик юридикалық шахс есапланады, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик герби сүўретленген мөрге ҳәм бланкаларға, ғәрезсиз балансқа, жеке ғазна есап бетлерине, банк есап бетлерине, сол қатары, сырт ел валютасындағы банк есап бетлерине ийе болыўы мүмкин.

5. Министрликтиң рәсмий атамасы:

а) қарақалпақ тилинде:

толық атамасы – Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, қысқартылған атамасы – Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги яки Әдиллик министрлиги;

б) өзбек тилинде:

толық атамасы – Ўзбекистон Республикаси Адлия вазирлиги Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги, қисқартирилган номи –Қорақалпоғистон Республикаси Адлия вазирлиги яки Адлия вазирлиги;

в) рус тилинде:

толық атамасы – Министерство юстиции Республики Узбекистан Министерство юстиции Республики Каракалпакстан, қысқартылған атамасы – Министерство юстиции Республики Каракалпакстан яки Министерство юстиции;

г) англичан тилинде:

толық атамасы – Ministry of Justice of the Republic of Uzbekistan Ministry of Justice of the Republic of Karakalpakstan, қысқартылған атамасы – Ministry of Justice of the Republic of Karakalpakstan яки Ministry of Justice.

6. Министрлик өз жумысын басқа мәмлекетлик басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, ҳуқық қорғаўшы ҳәм қадағалаў дүзилмелери ҳәмде басқа шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўде әмелге асырады.

II. Министрликтиң ўазыйпалары ҳәм функциялары

7. Төмендегилер Министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары есапланады:

Бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатын жүргизиў, ҳуқық дөретиўшилиги жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин асырыў;

нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлери (буннан былай текстте мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери) жумысын муўапықластырыў ҳәм методикалық басшылықты әмелге асырыў;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери жумысында ҳуқықты қоллаў әмелиятын избе-из ҳәм бирдей тәмийинлеў бойынша иләжларды әмелге асырыў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң жумысын раўажландырыў тараўында мәмлекетлик сиясатын жүргизиў, олардың мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери менен өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириўге көмеклесиў;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери жумысын муўапықластырыў, қадағалаў ҳәм методикалық тәмийинлеў;

ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыў, халыққа қабыл қылынып атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийетин жеткериў, халықтың ҳуқықый саўатсызлығын жоқ қылыў бойынша ис-иләжларды әмелге асырыў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлериниң ҳуқықый үгит-нәсият тараўындағы жумысларын муўапықластырыў;

ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўын тәмийинлеў;

нотариат ҳәм адвокатура системасының нәтийжели жумыс көрсетиўин тәмийинлеў;

пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый қорғаў бойынша иләжларды әмелге асырыў;

юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыўын шөлкемлестириў, юриспруденция тараўындағы фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди әмелге асырыўын тәмийинлеў;

әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери жумысында, биринши нәўбетте халыққа ҳуқықый хызмет көрсетиў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын қоллаған ҳалда ислеўдиң инновацион методларын енгизиў.

8. Министрлик өзине жүкленген ўазыйпаларға муўапық төмендеги функцияларды әмелге асырады:

1) бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатын жүргизиў, ҳуқық дөретиўшилиги жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин асырыў тараўында:

конституциялық нормаларды әмелге асырыў, инсан ҳуқықлары
ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, жәмийетте нызамға әмел етиў ҳәм ҳүрмет сезимин беккемлеў мақсетинде ўәкиллиги шеңберинде ҳуқықый сиясаттың үстин бағдарларын ислеп шығыўда қатнасады;

ҳуқықый базаны реформалаўдың орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли дәстүрлерин ислеп шығыўда қатнасады ҳәм өз ўәкиллиги шеңберинде олардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

ҳуқықый реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлары
ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери жумысын басқарады
ҳәм муўапықластырады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлериниң ҳуқық дөретиўшилиги мәселелери бойынша жумысын муўапықластырады ҳәм методикалық басшылықты әмелге асырады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлериниң ҳуқық дөретиўшилиги жумысының мониторинги ҳәм таллаўын әмелге асырады;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары қарарларын таярлаў ҳәм қабыл қылыў зәрүрлиги мәселелери бойынша алдын-ала келисиўди әмелге асырады;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлери жойбарларын нызамшылыққа, халық аралық шәртнамалар нормаларына, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳәм ўазыйпаларына, нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапықлығын, оларды коррупцияға, басқа ҳуқықбузарлықларды ислеўге шараят жаратыўшы, сондай-ақ физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа шеклеўлерди енгизиўши қағыйдалар ҳәм нормаларды анықлаў көз қарасынан ҳуқықый экспертизадан өткереди;

өз басламасына көре норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығады ҳәм оларды көрип шығыў ушын белгиленген тәртипте киргизеди;

нызам ҳүжжетлериндеги ҳуқықый кемшиликлерди, коррупцияға, басқа ҳуқуқбузарлықларды ислеўге шараят жаратыўшы, сондай-ақ физикалық
ҳәм юридикалық шахслар ушын артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа шеклеўлерди енгизиўши қағыйдалар ҳәм нормаларды анықлайды ҳәмде оларды сапластырыў бойынша усыныслар таярлайды;

норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў бойынша усынысларды жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларына көрип шығыў ушын киргизеди;

Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң тапсырмаларына тийкар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерине рәсмий шолыўларының жойбарлары бойынша жуўмақлар береди;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен қабыл қылынатуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыллаў, жәриялаў, мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм мәпдар шахслар итибарына жеткериўдиң белгиленген тәртибине әмел қылыныўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери тәрепинен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң системаластырылған есабын жүргизиў тәртибине әмел қылыныўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлериниң мәмлекетлик есабын жүргизеди;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары норматив-ҳуқықый ҳүжжетлериниң қадағалаў нусқаларын жүргизеди, олардың банкин (фондын) қәлиплестиреди;

Министрлик жумысы тараўындағы нызам ҳүжжетлерин қоллаў бойынша түсиндириўлер береди;

2) нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери жумысын муўапықластырыў ҳәм методикалық басшылықты әмелге асырыў тараўында:

нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлерине түсиндириўлер береди ҳәм зәрүр көмекти әмелге асырады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери тәрепинен нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестирилиўи мәселелери бойынша методикалық көрсетпелерди ислеп шығады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери тәрепинен нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы шөлкемлестирилиўиниң мониторинги ҳәм таллаўын алып барады, усы тараўдағы машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығады ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усынады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумысын муўапықластырады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлеринде норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириў бойынша атқарыў интизамына әмел етилиўин үйренеди, сол тийкарда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине киргизиў ушын мәлимлеме-таллаў ҳүжжетлерди таярлайды;

ҳәр ярым жыл жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине орынларда норма дөретиўшилиги ҳәмде ҳуқықты қоллаў әмелияты жағдайы бойынша мәлимлеме береди;

3) мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери жумысында ҳуқықты қоллаў әмелиятын избе-из ҳәм бирдей тәмийинлеў бойынша иләжларды әмелге асырыў тараўында:

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери жумысында норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў әмелиятын таллаў өткереди ҳәм үйренеди;

нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықты қоллаў жумысы нәтийжелилиги мәселелери бойынша өз аймағында жәмийетшилик пикирин үйрениўди шөлкемлестиреди, нәтийжеси бойынша оларды жетилистириўге байланыслы усыныслар ислеп шығады;

нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелиятын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў мақсетинде экономикалық ҳәм социаллық тараўларды ҳуқықый тәртипке салыў бойынша халық аралық ҳәм сырт ел тәжирийбе, илимий, изертлеў жумыслары нәтийжелерин үйренген ҳалда салыстырмалы таллаў өткереди;

анықланған нызам ҳүжжетлери бузылыўларын, олардың ислениўине имкәният бериўши себеп ҳәм шәраятларды сапластырыў бойынша иләжлар көриў ушын ҳуқықты қоллаў әмелиятының улыўмаластырыў материалларын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлерине жоллайды;

норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди надурыс яки қарама-қарсы мәнисте қоллаў әмелиятын, сондай-ақ ҳуқықты қоллаў әмелиятында ҳуқықбузарлықлардың ислениўине имкәният бериўши унамсыз факторлар, себеплер ҳәм шәраятларды сапластырыў бойынша әмелий иләжлар көреди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң ҳуқықты қоллаў жумысын таллаў нәтийжелери бойынша нызам ҳүжжетлерин жәнеде жетилистириўге тийисли усыныслар таярлайды;

норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша өз жуўмағын қәлиплестиреди ҳәм мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлерине жеткереди;

нызам ҳүжжетлерин қоллаў әмелиятын улыўмаластырады ҳәм тийисли тараў жумысында мәмлекетлик сиясатының әмелге асырылыўы жағдайы бойынша таллаў өткереди, оның тийкарында ҳуқықты қоллаў жумысын жетилистириў бойынша иләжларды ислеп шығады;

4) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң жумысын раўажландырыў тараўында мәмлекетлик сиясатын жүргизиў, олардың мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери менен өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириўге көмеклесиў тараўында:

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм олардың нышанларын мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин әмелге асырады;

өзи тәрепинен дизимнен өткерилген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң мәмлекетлик реестрин жүргизеди;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлер тәрепинен нызам ҳүжжетлерине, уставлық жумысына, шөлкемлестириў ҳүжжетлерине, қайта дизимнен өткериў ҳәм сапластырыў тәртибине әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлерге ажыратылған қаржылар, грантлар, басқа финанслық ҳәм материаллық ресурслардан ақылға муўапық ҳәм мақсетли пайдаланылыўын тәмийинлеў бойынша иләжлар көреди;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлер жумысының нызамлылығын тәмийинлеў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери менен өз-ара бирге ислеседи;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлер тәрепинен нызам ҳүжжетлери, уставлық жумысы ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлери бузылыўының алдын алыў ҳәм сапластырыўға қаратылған иләжлар көреди;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилип атырған иләжлар ҳаққындағы келип түсип атырған хабарларды таллаўдан өткереди;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлердиң шет мәмлекетлерден, халық аралық ҳәм шет ел шөлкемлеринен, шет мәмлекетлердиң пуқараларынан яки олардың тапсырмасына муўапық басқа шахслардан пул қаржылары ҳәм мал-мүлк алыўын келиседи;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлердиң жумысы ҳаққындағы есабатларды қабыл етеди ҳәм таллаўдан өткереди;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери тәрепинен нызам ҳүжжетлери бузылғанда, олардың жумысын тоқтатып қойыў яки оларды сапластырыў ҳаққында усыныслар таярлайды ҳәм судқа көрип шығыў ушын киргизеди;

сиясий партиялардың уставлық жумысын қаржыландырыў ушын ажыратылған мәмлекетлик қаржыларынан мақсетли пайдаланыўын мониторинг қылады;

турақлы жумыс көрсетиўши төрешилик судлары есабын дизимнен өткериў ҳәм ўақытша төрешилик судларын есапқа алыўын әмелге асырады;

5) мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери жумысын муўапықластырыў, қадағалаў ҳәм методикалық тәмийинлеў тараўында:

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери жумысын муўапықластырады ҳәм қадағалаўын әмелге асырады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери жумысын, олар тәрепинен әмелге асырылып атырған ҳуқықый жумыслар жағдайын үйренеди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери жумысын тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлери талаплары бузылыўларын сапластырыў, сондай-ақ айыпкер шахсларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкершиликке тартыў бойынша иләжлар көреди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм азат етиўде қатнасады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлерине ҳуқықый жумысларға тийисли көрсетпелер береди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлери юридикалық хызметлери хызметкерлериниң маманлығын асырыўды шөлкемлестиреди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери хызметкерлерин аттестациядан өткереди ҳәм аттестациядан өткенлиги ҳаққында гүўалық береди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери хызметкерлериниң есабын жүргизеди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери юридикалық хызметлериниң мағлыўматлар базасын қәлиплестиреди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлери юридикалық хызметлери хызметкерлериниң Министрлик ҳәмде районлар (қала) әдиллик бөлимлеринде әмелият өтеўин шөлкемлестиреди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери жумысын методикалық жақтан тәмийинлеўди әмелге асырады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызметлери хызметкерлериниң жумыс орнын финанслық-техникалық жақтан тәмийинлеўге қойылған минимал талаплар орынланыўын үйренеди, бул бойынша тийисли иләжларды көреди;

6) ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырыў, халыққа қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мәниси ҳәм мазмунын жеткериў, халықтың ҳуқықый саўатсызлығына шек қойыў бойынша ис-иләжларды әмелге асырыў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң ҳуқықый
үгит-нәсият тараўындағы жумысларын муўапықластырыў тараўында:

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бойынша мәмлекетлик уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша ведомстволар аралық кеңесиниң аймақлық комиссиялары жумысын шөлкемлестиреди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлеринде ҳуқықый үгит-нәсият жағдайын таллаўдан өткереди, усы тараўдағы жумысларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығады;

ҳуқықый саўатсызлыққа шек қойыўға, жәмийетте инсан ҳуқық
ҳәм еркинликлерине хүрмет пенен болыў қатнасын қәлиплестириўге қаратылған халықтың ҳуқықый санасы ҳәм хуқықый мәденияты дәрежесин асырыў бойынша иләжларды әмелге асырады;

ең актуал, халықты қызықтыратуғын мәселелерди белгилейди ҳәм олар бойынша мәнзилли ҳәм предметли ҳуқықый үгит-нәсиятты әмелге асырады, халыққа нызам ҳүжжетлери мазмуны, мәниси ҳәм әҳмийетин жеткериў бойынша иләжлар көреди;

ҳуқықый үгит-нәсияттың инновациялық усылларынан кең пайдаланыўды,
соның ишинде веб-технологияларды қоллаўды кеңейтириўин тәмийинлейди;

ўәкилликли мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери менен биргеликте норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўы ҳәм үгит-нәсиятын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы»н тастыйықлайды ҳәм орынланыўын шөлкемлестиреди;

ўәкилликли мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери менен биргеликте қабыл етилген ҳүжжетлердиң норма ҳәм қағыйдаларын халыққа түсиндириў бойынша үлгили ҳүжжетлер топламын таярлайды;

нызам ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндирип бериўши материалларды таярлайды, оларды халық ортасында, соның ишинде ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы тарқатады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери ўәкиллерин, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларын тартқан ҳалда жәмийетте ҳуқықый билимлерди үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестиреди;

7) ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў:

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыў имкәниятын жаратыў тараўындағы жумысын муўапықластырады, методикалық басшылықты ҳәм қадағалаўды әмелге асырады;

норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм тийисли мәлимлеме-таллаў бойынша материаллардың мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлерине өз ўақтында жеткерилиўин тәмийинлейди;

ҳуқықый хабарды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм таллаў өткериўдиң
дәстүрлик-техникалық қураллары ҳәм технологиялары енгизилиўи бойынша усыныслар ислеп шығады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлерин зәрүр норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер менен тәмийинлеў иләжларын көреди;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин рәсмий дерек арқалы жәрияланыўын ҳәм рәсмий баспадан шығарылыўын шөлкемлестиреди;

8) нотариат ҳәм адвокатура системасының нәтийжели жумыс көрсетиўин тәмийинлеў тараўында:

нотариуслар тәрепинен нотариат ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады, олардың жумысын таллаўдан өткереди ҳәм улыўмаластырады;

«Нотариус» бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасының өз аймағындағы мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң районлар (қала) структураларының мағлыўматлар базалары ҳәм мәлимлеме системалары менен интеграцияласқан ҳалда ислеўин қадағалап барады;

нотариал кеңселерде ис жүритиў қағыйдаларына, нотариуслар тәрепинен нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы қолланбаларға, нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда нызам ҳүжжетлерине, тастыйықлаўшы жазыўлар ҳәм гүўалықларды дизимге алыў реестрлерин дурыс жүргизиўде нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин қадағалайды ҳәм таллаўдан өткереди, нотариус стажёры жумысын шөлкемлестиреди;

нотариуслардан статистикалық мағлыўматларды белгиленген тәртипте
ҳәм мүддетлерде алады, нотариал ҳәрекетлер бойынша статистиканы жүргизеди;

нотариал кеңселерди шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў, нотариус лаўазымын шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў бойынша нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныслар киргизеди;

нотариуслар лаўазымлары улыўма санын тастыйықлаў ҳәм белгили аймақтағы (нотариал округиндеги) нотариуслар лаўазымлары санын белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныслар киргизеди;

нотариуслардың маманлығын асырады, оларды аттестациядан өткериў
ҳәм басқа орынға өткериў (ротация) бойынша белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныслар киргизеди;

Министрлик жанындағы маманлық комиссиялары жумысын нызам ҳүжжетлерине муўапық шөлкемлестиреди;

нотариал кеңселерди қатаң есаптағы гербли (арнаўлы) бланклар, реестр китаплары ҳәм канцелярия затлары менен тәмийинлейди;

нотариал кеңселерге берилетуғын гербли бланкларды есапқа алады, сақлайды, сарыпланыўының есабын жүргизеди ҳәм олар бойынша белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине есабат береди;

пуллық хызметлер ҳәм нотариуслар тәрепинен әмелге асырылатуғын ҳуқықый ҳәм техникалық түстеги қосымша ҳәрекетлерди әмелге асырылғанлығы ҳәм хызметлер көрсетилгенлиги ушын, сондай-ақ нотариал архивлер тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық шахсларға нотариал тастыйықланған ҳүжжетлер дубликатлары, дизимлерден көширмелер, мағлыўматнамалар ҳәм архив ҳүжжетлериниң нусқалары берилгенлиги ушын төлемлерди дурыс өндирилиўин қадағалайды;

нотариуслар тәрепинен кәсиплик миннетлемелериниң, сол қатары нотариал ис жүргизиў қағыйдаларының орынланыўы бойынша белгиленген тәртипте қадағалаўды әмелге асырады, олардың жумысын анализлейди ҳәм улыўмаластырады;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың нотариал кеңселер хызметкерлериниң ис-ҳәрекетлеринен наразы болып қылған мүрәжатларын көрип шығады;

адвокатлық дүзилмелери ҳәм Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасының аймақлық басқармасы жумысының кепилликлерин тәмийинлеўде ўәкиллиги шеңберинде көмеклеседи;

Адвокатлар палатасы аймақлық басқармасы менен биргеликте маманлық комиссиялары жумысын шөлкемлестиреди;

Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы аймақлық басқармасы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы аймақлық басқармасы жанындағы маманлық комиссиясы қурамын тастыйықлайды;

адвокатларға лицензиялар бериўди ҳәм адвокатлик дүзилмелерин мәмлекетлик дизимнен өткериўди, сондай-ақ юридикалық мәсләҳатханаларын есапқа қойыўды әмелге асырады;

Министрликте дизимнен өткен (есапқа қойылған) адвокатлық дүзилмелеринде ислеп атырған адвокатлардың тийисли мәмлекетлик реестрин жүргизеди;

адвокатлар маманлығын асырыўда көмеклеседи;

адвокатларға нызам ҳүжжетлерине муўапық гүўалық береди;

адвокатлар тәрепинен лицензия талаплары ҳәм шәртлерине, сондай-ақ адвокатлық дүзилмелери тәрепинен шөлкемлестириў ҳүжжетлерине, уставлық жумысына, қайта дизимнен өткериў ҳәм сапластырыў тәртибине әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

адвокатура жумысы ҳаққындағы статистикалық мағлыўматларды үйренеди;

9) пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин ҳуқықый қорғаў бойынша иләжларды әмелге асырыў тараўында:

инсан ҳуқықлары тараўындағы нызам ҳүжжетлерин турақлы түрде анализлейди ҳәм оны жетилистириў бойынша усыныслар киргизеди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери тәрепинен инсан ҳуқықлары тараўындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырады;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсон ҳуқықлари бойынша ўәкилиниң (омбудсман) регионаллық ўәкили ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайы менен ўәкиллиги шеңберинде өз-ара бирге ислеседи;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлеринде инсан ҳуқықлары тараўындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи жағдайы ҳаққындағы мәлимлеме ҳәм материалларды таллаўдан өткереди ҳәм улыўмаластырады, оларды жақсылаў бойынша усыныслар таярлайды;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери тәрепинен пуқаралардың өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлари бузылыўы ҳаққында қылған мүрәжатларын қалыс ҳәм ҳәр тәреплеме көрип шығылыўын тәмиийинлейди, оларға қарата нызам ҳүжжетлерине муўапық иләжлар көреди;

ўәкиллиги шеңберинде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери бузылыўы мүмкин болған жағдайлар ҳаққында хабар жыйнаў ҳәм халық аралық шәртнамаларда көрсетилген инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери универсал стандарт принциплерин есапқа алған ҳалда оны баҳалаўды әмелге асырады;

инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў тараўында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен өткерилип атырған мониторинг нәтийжелерин үйренеди;

пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша иләжлар көреди;

10) юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыўды шөлкемлестириў, юриспруденция тараўындағы фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди әмелге асырыўды тәмийинлеў тараўында:

ҳуқықый билимлендириўдиң жағдайын таллаўдан өткереди, оны жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығады;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық кадрларга болған мүтәжлигин анықлайды, оларды аймақтағы юридикалық колледжлерде таярлаў жумысларын шөлкемлестиреди;

юридикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыўда қатнасады;

кадрлар жумысын, юристлерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығады;

кадрлар резервин жаратады, оларды таярлаў, қайта таярлаў
ҳәм стажировкадан өтиўин шөлкемлестиреди, Министрлик ҳәм районлар (қала) әдиллик бөлимлерине кадрлар таңлаўын әмелге асырады ҳәм оларды орын-орнына қояды;

11) әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери искерлигинде, биринши нәўбетте халыққа ҳуқықый хызмет көрсетиў ҳәм мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўында замонагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын қоллаған ҳалда ислеўдиң инновациялық усылларын енгизиў тараўында:

илимий-изертлеў ҳәм инновация жумысының заманагөй жетискенликлери тийкарында Министрлик ҳәм де районлар (қала) әдиллик бөлимлери жумысына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў стратегиясын белгилеў бойынша усыныслар киргизеди;

электрон ҳүкимет жойбарларын Министрлик ҳәмде районлар (қала) әдиллик бөлимлеринде нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлейди;

Министрлик ҳәмде районлар (қала) әдиллик бөлимлеринде
мәлимлеме-коммуникация технологияларын, сол қатары электрон ҳүкиметти енгизиў ҳәм раўажландырыў ушын норматив-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша усынысларды таярлайды;

Министрлик рәсмий сайтын Интернет тармағында раўажландырыў
ҳәм модернизациялаў бойынша иләжларды әмелге асырады.

Министрлик нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа функцияларды да әмелге асырыўы мүмкин.

III. Министрликтиң ҳуқықлары ҳәм жуўапкершилиги

9. Министрлик өзине жүклетилген ўазыйпалар ҳәм функцияларды әмелге асырыў ушын төмендеги ҳуқықларға ийе:

1) мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери көрип шығыўы ушын нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелиятын жетилистириў мәселелери бойынша усыныслар киргизиў;

2) мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлеринде:

норма дөретиўшилиги жумысы, ҳуқықый ислер, юридикалық хызметлер жумысы, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди жәриялаў ҳәм мәпдар шахслар итибарына жеткериў жағдайын;

ҳуқықты қоллаў әмелияты, пуқаралар ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша нызам ҳүжжетлери орынланыўын, сол қатары орынларға шыққан ҳалда тексериў;

3) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери тәрепинен нызам ҳүжжетлери ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлерине әмел етилиўи, сондай-ақ оларға ажыратылған қаржылардан мақсетли пайдаланыўын тексериў;

4) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик уйымлары
ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери, ҳуқықты қорғаўшы ҳәм қадағалаў уйымларына орынланыўы мәжбүрий болған:

нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкар етиў, тоқтатып турыў (толық ямаса белгили бир бөлегин) ямаса оларды нызам ҳүжжетлерине муўапықластырыў ҳаққында;

ислеп шығыў мүддетин көрсеткен ҳалда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин қабыл етиў, олар тәрепинен қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге рәсмий түсиник бериў зәрүрлиги ҳаққында;

ҳуқықты қоллаў әмелияты, пуқаралардың ҳуқықларына әмел етиў бойынша нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайын тексериў даўамында анықланған ҳуқықбузарлықларға жол қоймаў, олардың ислениўине көмеклесиўши себеплер ҳәм шәраятларды сапластырыў ҳаққында;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң юридикалық хызмети жумысында анықланған ҳуқықбузарлықларға жол қоймаў, олардың ислениўине көмеклесиўши себеплер ҳәм шәраятларды сапластырыў ҳаққында усынысларды киргизиў;

5) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысында анықланған нызам ҳүжжетлери ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлери бузылыўларын сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик емес коммерциялық емес, соның ишинде диний шөлкемлерге, адвокатлық дүзилмелерине орынланыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизиў;

6) нызам ҳүжжетлери бузылыўына жол қоймаў ҳаққында лаўазымлы шахсларды жазба түрде ескертиў;

7) пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм еркинликлери, юридикалық хызметлердиң жумысы тараўындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўы жағдайлары анықлағанда ҳәмде Министрлик ҳәм районлар (қала) әдиллик бөлимлериниң нызамлы талаплары орынланбағанда, айыпкер лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымларына усыныслар киргизиў;

8) мәмлекет, юридикалық ҳәм физикалық шахслар мәплерин гөзлеп судларға мәмлекетлик бажы төлеместен арзалар ҳәм даўаларды киргизиў;

9) норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў әмелияты ҳаққында зәрүр статистикалық мағлыўматларды, таллаў иси материалларды, ҳүжжетлерди, басқа хабарларды, қарарлар ҳәм басқа ҳүжжетлерди, мағлыўматларды мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлеринен бийпул тәризде сораў ҳәм алыў;

10) мәмлекетлик емес коммерциялық емес, сол қатары диний шөлкемлерден хабар, ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар, сондай-ақ олардың баслықлары ҳәм жуўапкер шахсларынан түсиндириўлерди талап етиў ҳәм алыў;

11) тексериў өткериў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын үйрениў, сондай-ақ Министрлик ўәкиллигине кириўши мәселелер бойынша мәлимлеме-таллаўлық материалларды таярлаў ушын мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери ўәкиллерин шақырыў ҳәм тартыў;

12) тексериў ҳәм таллаў даўамында анықланған жағдайларға анықлық киргизиў мақсетинде мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң лаўазымлы шахслары ҳәмде хызметкерлерин шақырыў, нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы жағдайлары бойынша аўызеки ҳәм жазба түсиндириўлер талап етиў;

13) мәмлекетке тийисли Министрликтиң ҳәм оның системасындағы уйымлардың мал-мүлкин өзиниң шөлкемлескенлик дүзилмеси шеңберинде бийпул пайдаланыў ҳуқықы менен бир қурамлы дүзилмеден басқа дүзилмеге белгиленген тәртипте өткериў;

14) Министрлик ҳәм оның системасындағы уйымлар хызметкерлери тәрепинен өз тараўында олар жумысының тийкарғы көрсеткишлери бойынша параметрлер орынланыўын есапқа алған ҳалда оларды финанслық хошаметлеў тәртиби, муғдарлары ҳәм шәртлерин белгилеў;

15) бюджеттен тысқары қаржыларды ҳәмде Министрликтиң депозит
есап-бетлеринде жайласқан қаржыларды Өзбекстан Республикасы коммерциалық банклериниң депозит бетлеринде миллий ҳәм сырт ел валютада жайластырыў. Бунда, қаржыларды жайластырыўдан алынған дәрамат әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң бюджеттен тысқары есап-бетине финанслық-техникалық базаны, социаллық раўажландырыўға ҳәм хызметкерлерди финанслық хошаметлеў ҳәмде нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа мақсетлерге бағдарлаған ҳалда өткериледи;

16) физикалық ҳәм юридикалық шахслардың өз ҳуқықлары, еркинликлери
ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығы ҳаққында мүрәжатларды көрип шығыў;

17) Министрлик ўәкиллигине кириўши мәселелерди көрип шығыўда мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери коллегия мәжилислеринде қатнасыў;

18) Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы аймақлық басқармасы жанындағы маманлық комиссиясына адвокатларды интизамый жуўапкершиликке тартыў мәселесин киргизиў;

19) адвокатларға берилген лицензиялардың әмел етиўин тоқтатып турыў ҳәм сапластырыў;

20) юридикалық хызмет хызметкериниң аттестациядан өткенлиги ҳаққындағы гүўалықтың әмел етиўин тоқтатыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныс киргизиў;

21) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери тәрепинен өткерилетуғын иләжларда (конференциялар, семинарлар, тренинглер, жыйналыслар, акциялар ҳәм сол сыяқлыларда) қатнасыў;

22) мәмлекетлик емес коммерциалық емес, сол қатары диний шөлкемлер тәрепинен режелестирилген иләжлардың өткерилиўин қадаған етиў бойынша қарар қабыл етиў;

23) сиясий партиялардың уставларында нәзерде тутылған жумысын мәмлекет тәрепинен қаржыландырыўды тоқтатып турыў ямаса сапластырыў ҳаққында усыныс киргизиў;

24) мәмлекет сыры ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа сырға әмел етиў шәрти менен тексериўди өткериў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер ҳәм материаллар менен танысыў, мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери аймақлық бөлимлериниң электрон базаларынан (банкларынан) пайдаланыў ушын хызмет гүўалығын көрсеткен ҳалда мәмлекетлик уйымлары ҳәм басқа шөлкемлердиң аймақлық бөлимлери аймақлары ҳәм имәратларына кириў;

25) өз ўәкиллиги шеңберинде ҳәкимшилик жуўапкершиликти келтирип шығаратуғын жағдайлар бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққында баянламалар дүзиў.

Министрлик нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин.

10. Министрлик:

өзине жүклетилген ўазыйпалар ҳәм функциялардың нәтийжели орынланыўы, сондай-ақ, тийисли тараўдағы мәмлекет сиясатының нәтийжели әмелге асырылыўы;

өз жумысы менен байланыслы прогноз көрсеткишлерге сөзсиз ерисилиўин тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине киргизилип атырған ҳүжжетлер жойбарлары ҳәм усыныслар, сондай-ақ, Министрлик тәрепинен қабыл етилетуғын қарарлар әмелге асырылыўының сапасы, соңғы нәтийжелери ҳәм ақыбетлери;

ҳуқықты қоллаў әмелиятында анықланған машқалаларды ҳәр тәреплеме ҳәм терең таллаў тийкарында өз аймағында тийисли тараўды раўажландырыўға байланыслы усынысларды таярлаў;

өз жумысы тараўын раўажландырыў бойынша бағдарламалар, иләжлар режелери, «жол карталары» ҳәм басқа дәстүрий ҳүжжетлердиң нәтийжели әмелге асырылыўы ушын жуўапкер.

IV. Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министриниң тийкарғы функционаллық миннетлери

11. Төмендегилер Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министриниң тийкарғы функционаллық миннетлери есапланады:

1) Министрлик жумысына улыўма басшылық етиў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманы ҳәм қарары, Министрлер Кабинетиниң қарары ҳәм басқа нызам ҳүжжетлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қараралары ҳәм бийликлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қараралары ҳәм басқа нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳүжжетлери менен Министрликке жүкленген ўазыйпалар ҳәм функциялар орынланыўын шөлкемлестириў;

2) Министрлик жумысы менен байланыслы прогноз көрсеткишлерге ерисиўди сөзсиз тәмийинлеў бойынша әмелий ис-иләжларды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў;

3) Министрлик хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм тапсырмалары орынланыўын тәмийинлеў, атқарыў интизамын беккемлеў бойынша комплекс әмелий ис-иләжларды әмелге асырыў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 11-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалары нәтийжели атқарылыўы, сондай-ақ, атқарыў интизамы беккемлениўи ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик мәсләҳәтшилериниң, Министрлер Кабинети ҳәм оның комплекслери, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, сондай-ақ, барлық дәрежелердеги ҳәкимликлер баслықларының жеке жуўапкершилиги ҳаққында»ғы ПҚ–2881-санлы қарары ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине муўапық тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын Министрлик хызметкерлериниң жеке жуўапкершилигин асырыў ис-иләжларын көриў;

4) Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги коллегиясы қарарлары, Өзбекстан Республикасы әдиллик министри ҳәм оның орынбасарлары буйрықлары ҳәмде тапсырмалары өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;

5) Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жумысы тараўына киретуғын мәселелер бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары ҳәм комплекс социаллық-эканомикалық раўажландырыў бойынша секторлар менен бирге ислесиў;

6) Министрлик лаўазымлы шахсларының ўәкилликлерин белгилеў, Министрлик жумысының айрықша тармақларына басшылық етиў ушын олардың жеке жуўапкершилиги дәрежесин белгилеў;

7) Министрлик жумысын режелестириўди шөлкемлестириў, Министрликтиң ҳәр шереклик ис режелерин тастыйықлаў, олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеў;

8) Министрликте кадрларды таңлаў ҳәм орын-орнына қойыў, олардың нәтийжели жумыс көрсетиўи ушын зәрүр шәраятлар жаратыў, кадрлар резервин қәлиплестириў;

9) Өзбекстан Республикасы әдиллик министри номенклатурасына киретуғын бос лаўазымларға усыныс етилген кадрлардың, сондай-ақ Министрликке жумысқа қабыл етилип атырған басқа кадрлардың профессионаллығы, өз жумысын билиўи, әмелий тәжирийбеге, жоқары дәрежеде исшеңлик ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық пәзийлетлерге ийе екенлиги кепиллигин тәмийинлеў;

10) Министрлик хызметкерлерин хошаметлеў ҳәм интизамый жуўапкершиликке тартыў мәселелерин шешиў, өз орынбасарларын хошаметлеў
ҳәм интизамый жуўапкершиликке тартыў ҳаққында усыныслар киргизиў, сол қатары, олар ийелеп турған лаўазымда қалыўының мақсетке муўапықлығына тийисли мәселелерди көрип шығыў, олардың жеке жуўапкершилигин асырыў бойынша турақлы ис-иләжлар көриў;

11) Министрлик хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги хызметкерлериниң Әдеп-икрамлылық қағыйдалары талапларына әмел етиўин тәмийинлеў;

12) «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына муўапық Министрликте коррупция ҳәм басқа ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў иләжларын көриў, сондай-ақ ҳуқықты қоллаў әмелиятын ҳәм нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге тийисли ис-иләжларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў арқалы олардың ислениўине көмеклесиўши себеплер ҳәм шәраятларды анықлаў, таллаў, сапластырыў;

13) Министрлик хызметкерлери жумысының нәтийжелилигин системалы түрде сын көз-қарастан таллаў, жыйналысларда олардың жеке есабатларын еситиў, олардың жуўмақлары бойынша зәрүр ис-иләжлар көриў;

14) Министрлик жумысына тийисли мәселелер бойынша нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, сондай-ақ мәмлекетлик хызметлери нәтийжелилиги, сапасы ҳәм олардан еркин пайдаланыўды асырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәмде оларды көрип шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги басшыларына киргизиў;

15) физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў, халық пенен туўрыдан-туўры ҳәм ашық сөйлесиўди жолға қойыў, турақлы түрде жеке, сол қатары көшпели қабыллаўлар өткериў;

16) Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары менен нәтийжели бирге ислесиў, олардың искерлигинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислеў системасын түптен жетилистириўге тийисли ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПФ–4904-санлы Пәрманына муўапық белсене қатнасыў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасынан түскен мүрәжатларын өз ўақтында ҳәм толық көрип шығыў;

17) Министрлик хызметкерлери лаўазым айлығына сыйлықлар, үстемелер төлеў, оларға материаллық жәрдем бериў, оларды сыйлықлаў, хошаметлеў ҳәм оларға интизамый шара қоллаў ҳаққында қарар қабыл етиў, оларды мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм ведомстволық сыйлықлар менен сыйлықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине усыныслар киргизиў;

18) мәмлекет сырын ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа сырды қураўшы мағлыўматлардың қорғалыўын тәмийинлеў.

V. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң жуўапкершилиги

12. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри:

Министрликке жүкленген ўазыйпалар ҳәм функциялардың орынланыўы;

Министрликтиң усы Реже 12-бәнтинде нәзерде тутылған жуўапкершилик тараўлары бойынша;

усы Режениң 13-бәнтинде көрсетилген өз функционаллық ўазыйпаларының сапалы орынланыўы ушын жеке жуўап береди.

VI. Министрлик жумысын шөлкемлестириў

13. Министрликке Өзбекстан Республикасы Президентиниң разылығы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усынысына тийкар Өзбекстан Рсепубликасы Әдиллик министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат қылынатуғын Министр басшылық етеди.

Министрдиң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат қылынатуғын еки орынбасарлары, соннан бири биринши орынбасары болады.

14. Министр болмаған ўақытта оның ўәкилликлери министрдиң биринши орынбасары тәрепинен, ол болмаған ўақытта болса Өзбекстан Республикасы әдиллик министри буйрығына тийкар басқа орынбасар тәрепинен әмелге асырылады.

15. Министрликтиң орайлық аппараты бөлимлери баслықлары министр тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи, нызам ҳүжжетлери менен белгиленген жағдайлар буннан тысқары.

16. Министрликтиң орайлық аппараты бөлимлери ҳаққындағы реже министр тәрепинен тастыйқланады, егер Өзбекстан Республикасы әдиллик министри буйрықларында басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса.

17. Министрлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги орайлық аппаратының қурамлы дүзилмелери менен өз-ара бирге ислеседи, соның ишинде:

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги басшылары тапсырмалары орынланыўы ҳаққында хабар береди;

белгиленген жумыс тараўында нызам ҳүжжетлерин әмелге асырыў бойынша жумыс нәтийжелери ҳаққында хабар усынады;

Министрлик жумысын тексериў ҳәм үйрениў нәтийжесинде жумыста анықланған кемшиликлер ҳәм қағыйдабузарлықларды сапластырыў нәтийжелери ҳаққында хабар береди;

өз жумысы нәтийжелери ҳаққындағы есабатларды белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң орайлық аппаратына усынады;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ўәкиллигине тийисли тараўлардағы машқалаларды шешиўге қаратылған усынысларды Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң орайлық аппаратына жибереди;

мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери, комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар менен өз-ара бирге ислесиў нәтийжелери ҳаққында хабар береди;

ўәкилликли уйымлар тәрепинен өткерилген өз жумысын тексериў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат береди.

18. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги орайлық аппараты ҳәм Министрликтиң өз-ара бирге ислесиўи процессинде жүзеге келетуғын келиспеўшиликлер Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң тапсырмасына көре оның тийисли орынбасары тәрепинен көрип шығылады. Егер Өзбекстан Республикасы әдиллик министри орынбасары тәрепинен келиспеўшиликлерди тәртипке салыўдың имкәнияты болмаса, соңғы қарар тиккелей Өзбекстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен қабыл етиледи.

19. Министрлик өз ўәкилликлери шеңберинде мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа шөлкемлер менен өз-ара бирге ислеседи.

Министрлик тийисли аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыўда ҳәм әмелге асырыўда комплекс социаллық экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар менен өз-ара жақын бирге ислеседи.

VII. Министрликтиң коллегиясы, басқа кеңес, мәсләҳәт, эксперт уйымлары

20. Министрликте министр (коллегия баслығы), оның орынбасарлары (лаўазымы бойынша), сондай-ақ оның жумысының тийкарғы бағдарларын муўапықластырыўшы қурамлы дүзилмелер баслықларынан ибарат қурамда коллегия дүзиледи.

Коллегия қурамының саны ҳәм жеке қурамы министрдиң усынысына көре Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.

21. Коллегияға төмендеги ўазыйпалар жүкленеди:

Министрлик жумысының усы Режеде белгиленген тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

нызам ҳүжжетлеринде, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери
ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети қарарларында белгиленген ўазыйпаларды
өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын Әдиллик министрлиги системасындағы уйымлар хызметкерлери ҳәм баслықларының жеке жуўапкершилигин асырыў бойынша иләжлар көрген ҳалда системадағы уйымлар баслықлары есабатларының турақлы түрде еситилиўин шөлкемлестириў;

Министрлик жумысы тараўындағы аймақлық ҳәм тармақ бағдарламалары әмелге асырылыўының нәтийжелилигин ҳәр шеректе ҳәм турақлы көрип шығыў;

орынларда Министрлик жумысы тараўындағы актуал мәселелер додаланыўын тәмийинлеген ҳалда коллегияның кеңейттирилген көшпели мәжилислери өткерилиўин шөлкемлестириў, сондай-ақ жүзеге келген машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли қарарларды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў;

Министрлик орайлық аппараты ҳәм оның системасына киретуғын лаўазымлар номенклатурасын көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў;

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм тапсырмалары, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги коллегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң қарарлары ҳәм тапсырмалары менен белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ушын әдиллик министрлиги баслықлары ҳәм хызметкерлериниң атқарыў интизамын беккемлеў ҳәм жеке жуўапкершилигин асырыў.

Коллегия Министрлик ўәкиллигине киритилген басқа мәселелерди де көрип шығыўға ҳақылы.

22. Коллегия мәжилисине мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң аймақлық бөлимлери баслықлары, олардың ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша усыныс етилиўи мүмкин.

23. Коллегия, егер оның мәжилисинде коллегия қурамының ярымынан көби қатнасса, ўәкилликли есапланады. Көрип шығылып атырған мәселелер бойынша қарарлар әпиўайы көпшилик даўыс пенен қабыл етиледи.

24. Коллегия қарарлары министрдиң буйрықлары менен әмелге асырылады.

25. Министр ҳәм коллегия ағзалары ортасында келиспеўшиликлер жүзеге келген жағдайда, министр жүзеге келген келиспеўшиликлер ҳаққында Өзбекстан Республикасы әдиллик министрине хабар берген ҳалда ғәрезсиз рәўиште қарар қабыл қылады. Коллегия ағзалары да Өзбекстан Республикасы әдиллик министрине өз пикирин хабар етиўи мүмкин.

26. Коллегия жумысы тәртиби коллегия тәрепинен тастыйықланатуғын оның регламенти менен белгиленеди.

27. Министрликте кеңес, мәсләҳәт ҳәм экспертлик уйымлары дүзилиўи мүмкин.

28. Министрлик жанында дүзилетуғын кеңес, мәсләҳәт ҳәм экспертлик уйымлары қурамы ҳәм олар ҳаққындағы режелер министр тәрепинен тастыйқланады, олардың қурамы ҳәм режелери Өзбекстан Республикасы әдиллик министри буйрықлары менен тастыйықланатуғын жағдайлар буннан тысқары.

VIII. Министрлик жумысы нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлери ҳәм жумыс индикаторлары

29. Министрлик жумысының нәтийжелилиги турақлы баҳаланады.

30. Министрлик жумысы нәтийжелилигине берилген баҳа Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының тийисли хызметлери тәрепинен тастыйықланатуғын Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жумысы нәтийжелилиги ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў критериялары ҳәм жумыс индикаторларына тийкарланады.

31. Министрлик жумысы нәтийжелилигин баҳалаў жуўмақлары бойынша:

Министр ҳәм хызметкерлерин хошаметлеў (сыйлықлаў) яки интизамый жуўапкершиликке тартыў;

Министрлик жумысында анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм оның жумысын жәнеде жетилистириў ис-иләжлары көриледи.

32. Министрлик жумысы нәтийжелилигин баҳалаў тәртиби ҳәм методикасы нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.

IX. Министрликти қаржыландырыў ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў, оның хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў

33. Министрликти материаллық-техникалық тәмийинлеў қәрежетлерин қаржыландырыў, сондай-ақ хызметкерлер мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, бюджеттен тысқары фондлардың дереклери ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер есабынан әмелге асырылады.

34. Министрлик хызметкерлериниң ис ҳақы лаўазым айлығы, сыйлықлар, қосымша ҳақылар, үстемелерден ҳәм нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа төлемлерден ибарат.

Хызмет ўазыйпасын шын жүректен ҳәм нәтийжели орынлап киятырған Министрликтиң жоқары маманлы, белсенди хызметкерлерине жоқары маманлық ушын Өзбекстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен бюджеттен тысқары әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелерини раўажландырыў қоры қаржылары есабынан жеке үстемелер белгилениўи мүмкин.

Министрлик хызметкерлери лаўазым айлықларына ҳәр айда қосылатуғын хошаметлеў өзгешелигине ийе болған қосымша ҳақылар ҳәм үстемелер Өзбекстан Республикасы әдиллик министри тәрепинен тастыйықланатуғын қағыйдаларға муўапық төленеди.

35. Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарлары менен басқа лаўазымларға тайынланған ямаса Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Сенаты, Нызамшылық палатасына сайланған (тайынланған) Министрлик хызметкерлеринде Министрликте берилген көп жыллық хызметлери ушын қосымша ҳақы ҳәм үстемелер ҳәмде мәртебе дәрежелери сақланады.

X. Министрликтиң есабаты

36. Министрлик баслықлары өзлериниң жумыслары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине турақлы түрде есабат береди.

37. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги орайлық аппаратының баслықлары Министрлик баслықларына жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы бойынша олар жумысы үстинен турақлы мониторинг алып барады, Министрлик жумысы нәтийжелилигине қалыс баҳа береди.

38. Мониторинг ҳәм баҳалаў жуўмақлары бойынша Министрликтиң айрықша өрнек көрсеткен баслықлары, лаўазымлы шахслары ҳәм хызметкерлери хошаметленеди ямаса жол қойылған қопал кемшиликлер ушын ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекем болған жуўапкершиликке тартылады.

XI. Жуўмақлаўшы қағыйда

39. Министрликти қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.